УДТ (УЗИ) тексериўинен ѳтиў зыянлыма?

Ультрадаўыслы тексериў – кең тарқалған диагностика усылы есапланады. Оның жәрдеминде кѳплеген патология ҳәм кеселликлерди анықлаўға болады. Бирақ, кѳшилик адамлар УДТ процедурасы адам организмине қаншели зыянлы деген сораўды қояды.

Ультрадаўыстың имканиятлары

Ультрадаўыс толқынлары, ҳәр қыйлы тығызлықтағы адам тканынан ѳтип, бир бѳлеги олар арқалы қайта сәўлеленеди. Ҳәр қыйлы сәўлелениў дәрежеси датчиклер арқалы монитор экранына узатылады ҳәм ол жерде реал ўақыт режиминде тексерилип атырған органлардың контурлары ҳәм тығызлықларын анықлаўға болады.

Егер ультрадаўыс күши 120 дБден аспаса, процедура инсан саламатлығына қәўипсиз саналады. Бүгинги күнде, диагностика ушын ультрадаўыс толқынларының күши 90 дБден  аспайтуғын аппаратлар қолланылмақта, сол себепли УДТ пүткиллей зыянсыз. Сонлықтан, емлеўши шыпакер усынысына тийкар бундай тексериўлерден бир неше мәрте ѳтиўге болады.

Ҳәмиледарлық дәўирде УДТ ѳткериў зыянлыма?

Кѳпшилик ҳаяллар ҳәмиледарлықтың дәслепки мүддетлеринде УДТ тексериўинен ѳтиўге қорқады, ал негизинде бул жүдә әҳмийетли процедура есапланып, бир қатар патологияларды анықлаўға, ҳәмилениң жағдайы ҳаққында толық мағлыўмат алыўға, ана ҳәм баланың ѳмирин ҳәм саламатлығы сақлап қалыў ушын ѳз ўақтында тийисли шараларды кѳриўге имканият береди.

Ультрадаўыслы тексериў усылы кѳплеген кеселликлерди анықлаўдың алтын стандарты есапланады. Ол кекселерге де, жаңа туўылған нәрестелерге де зыянсыз саналады. Айырым бир кеселликлерди тексергенде УДТ жәрдеминде анық бир мағлыўматларды алыў имканияты болмаса, шыпакер басқа тексериў усылын усыныс етеди, сонлықтан бул ҳаққында тәшиўишлениўге қәжет жоқ.

Aldıng’ı Keyingi