Шыпакер тексериўинен ѳткенде оған бериўиңе болатуғын сораўлар
Сораў бериўге қорқыў яки уялыў керек емес, ҳәттеки бермекши болған сораўларың ѳзиңе жүдә әпиўайы болып кѳринсе де.
Шыпакер мәсләҳәтине барғанда сораўлар дизимин алып барыўың ҳәм жуўапларды жазып алыў ушын жаныңда ручка ҳәм блокнот алып жүриўиң де пайдалы саналады.
Егер жалғыз ѳзиң сораў бериўге тартынсаң, сораў бериўи ушын ѳзиң менен бирге достыңды яки шаңарақ ағзасын алып барыўыңа болады.
Ѳзиңдеги кеселлик ҳаққында бериўиң керек болған сораўлар.
Егер денсаўлығыңдағы машқала себепли шыпакерге мүрәжат етсең, тѳмендеги сораўларды бериўиңе болады:
- Мендеги кеселлик қалай аталады?
- Кеселлик ҳақында маған қысқаша түсиник бериң?
- Саўалып кетиўим ушын не ислеўим керек?
- Қандай дәрилер ҳәм ем қабыллаўым керек?
- Оларды қабылламаған жағдайда не болады?
Саламатлық ҳаққында сораўларды дурыс бериў ҳәм жуўапларды тыңлап түсиниў ушын барлық адамға әмелият зәрүр болады. Ўақыттың ѳтиўи менен бул кѳнликпелериң артып барады.
Сени «Денсаўлығымдағы машқала аўыр емес пе? Тез саўалып кетемен бе? Бул кеселлик әтираптағыларға жуқпалы емес пе?» деген сыяқлы сораўлар қызықтырыўы мүмкин.
Шыпакердиң айтқан жуўапларын тәкирар сораўыңа болады.
Егер шыпакер яки мийирбийке сораўларыңа жуўап бергенде, оларға жуўапларына түсинбегениңди айтыўға уялма. Олардан айырым нәрселерди қайтадан айтып бериўин сораўыңа болады.
Мысалы:
- Және бир мәрте түсиндирип бересиз бе?Мен толық түсинбедим.
- Ѳтиниш, қайталап айтсаңыз?
Дәрилер ҳаққында сора.
Егер шыпакер қандай да бир дәри буйырған болса, дәрини қашан ҳәм қалайынша қабыллаў керек екенлигин сораўға тартынба.
Сондай-ақ, тѳмендеги сораўларды бериўиңе болады:
- Дәри ѳз ўақтында ишилмей қалса не ислеўим керек?
- Ѳзимди жақсы сезип басласам дәрилерди ишиўди тоқтатсам бола ма?
- Бул дәриниң кери тәсирлери бар ма?
Медициналық кѳрик дәўиринде берилиўи тийис болған сораўлар
Медициналық кѳриктен ѳтиў ўақты ѳзиңде пайда болған қәлеген сораўыңды бериўге қолайлы пайыт.
Тѳмендегилерди сораўыңа болады:
- Бойым еле ѳсип бара ма?
- Салмағым ѳзимниң бойыма ҳәм жасыма сай келеди ме?
Кѳрип шыққаныңдай, шыпакерге мүрәжат қылыў ҳеш қандай да қорқынышлы яки тартынатуғын жағдай емес. Шыпакерге мүрәжат қылыўды узаққа созба ҳәм сораўларыңды бериўге тартынба, себеби саламатлығың сениң келешегиң есапланады. Ѳз организмиң ҳәм кеселлик ҳаққында жақсы билимге ийе болыў, ҳәр қандай қорқыныш ҳәм гүманларға орын қалдырмайды!