солнце.jpg

Ыссы яки қуяш ѳткенде биринши жәрдемди қалай кѳрсетиў керек?

Ыссы ѳтиўи – сыртқы ыссы температураның (жазда кѳшеде, монша, сауна, цех, жәмийетлик транспорт сыяқлы жабық имаратлар ишинде) денеге узақ ўақыт тәсири астында организмниң улыўма қызыўының нәтийжеси. Сондай-ақ, синтетикадан исленген кийимлер де денениң қызыўына себепши болады.

Қуяш ѳтиўи – бас кийимсиз жүргенде қуяш нурларының басымызға узақ ўақыт тәсири нәтийжесинде келип шығатуғын жағдай.

Қуяш ѳтиўи ыссы ѳтиўи менен бирге болыўы да мүмкин. Қуяш ѳткенде яки ыссы ѳткенде организмде болатуғын процесслер бир-бирине уқсас болады.

Қуяш яки ыссы ѳтиўиниң белгилери:

  • Дене температурасының кѳтерилиўи: үзликсиз ыссы тәсиринде 40̊ Сға шекем шығыўы мүмкин;
  • Териниң қызарыўы;
  • Күшли терлеў;
  • Жүрек соғыўы ҳәм дем алыўдың тезлесиўи;
  • Бас аўырыўы, мий айланыў, ҳәлсизлик;
  • Жүргенде теңселиў;
  • Уйқышыллық, кѳп еснеў;
  • Қулақта шаўқым;
  • Кеўил айныў, қайтарыў;
  • Аўыр жағдайларда талып қалыў, қалтыраў.

Ерте белгилери пайда болғанда не ислеў керек?

  • Жәбирленген адамды кѳлеңкеге, салқын жерге яки жақсы самаллатылған бѳлмеге алып кириў;
  • Жәбирленген адамды жатқарып, сыртқы кийимлерин шешиў;
  • Мойын ҳәм тобық астына қандай да бир нәрсе қойып, бас ҳәм аяқларын сәл кѳтерип жатқарыў;
  • Кѳп муғдарда салқын суў яки минерал суў ишкизиў, суўға чай қасық ушы менен қант яки дуз салыўға болады;
  • Бетлерин салқын суў менен жуўыў, бетине ҳәм маңлайына ығал салқын дасмал қойыў;
  • Қәлеген матаны салқын суўға батырып кѳкирегине урыў, пүткил денесине 20°Стан жоқары болмаған суў қуйыў яки ығал дасмал менен орап қойыў;
  • Басына, желкесине ҳәм маңлайына муздай компресс, муз бѳлегин яки муздай шийше басыў;
  • Жәбирленген адамды тез ҳәрекет еткен ҳалда силкиў;
  • Егер ериксиз қайт етиў басланса, дем алыў жоллары тығылып қалмаўы ушын оны дәрҳал қапталлап жатқарыў;
  • Талып қалыў, дем алыўының бузылған жағдайда нашатыр спиртин ийискетиў ҳәм тез жәрдем келгенше оның денесин суўытыўды даўам етиў.

Дем алыўының бузылыўы, қалтыраў ҳәм талып қалыў жағдайы болса, дәрҳал 103 номери арқалы «Тез жәрдем» шақырыў зәрүр!

Aldıng’ı Keyingi