Қайызғақ пайда болса не ислеў керек, оны қалай жоқ қылыўға болады?
Қайызғақ дегенимиз не?
Қайызғақ — бас терисиниң қышыўы ҳәм қабыршақланыўына алып келиўши кең тарқалған тери кеселлиги.
Қара реңли кийим кийиў- қадаған, себеби шашларыңнан тѳгилип туратуғын ақ жапалақ қара реңли кийимде айрықша кѳзге түседи деген машқалаға дус келген болыўың мүмкин. Қайызғақ унамсыз косметикалық машқала, бирақ кѳпшилик жағдайларда ол зыянсыз болады, себеби бас териси турақлы түрде тазаланып турады.
Қайызғақ не зат екенлигин жақсы түсинип алыў, оның себеплерин ҳәм оннан қалай қутылыў керек екенлигин билиў ушын тѳмендегилерди кѳрип шығамыз:
- Ийинлериңде яки шашыңда териниң ақ жапалақларын байқаған болыўың мүмкин;
- Басыңның терисинде қызыл, үсти қатты орынлар пайда болыўы;
- Бас терисинде қышыў пайда болыўы .
Қайызғақтың пайда болыўына не себеп болады?
- Стресс, қыс мәўсиминдеги суўық ҳәм қурғақ ҳаўа ҳәм айырым шашқа күтим бериўши ѳнимлер қайызғақтың пайда болыўына себеп болыўы мүмкин.
- Қайызғақ ҳәр бир адамда пайда болыўы мүмкин
- Әсиресе жас ѳспиримлерде, себеби бул дәўирде гормонлар муғдары ѳзгереди.
Булардың бәри тери майының кѳп ажыралыўына себеп болады. Бәлким сол себепли қайызғақ әдетте жынысый жетилисиў дәўиринде пайда болады.
Қайызғақ жуқпалы емес. Сеннен басқа адамға яки басқалардан саған жуқпайды.
Қайызғақты қалай емлеўге болады?
Биринши нәўбетте, трихолог қәнигеге мүрәжат етиў керек, ол қайызғақты кетириўге жәрдем бериўши тѳмендеги «актив ингредиентлерди» буйырыўы мүмкин. Бул ингердиентлер шампунь қурамында болыўы керек:
- 1% селен сульфиди бар шампунь (selenium sulfide 1%)
- цинк пиритионы бар шампунь (zinc pyrithione)
- қара майдан (деготь) исленген шампунь.
Қара майдан (деготь) исленген шампуньлар бас терисин қуяш нурларына сезимтал қылыўы мүмкин, оны пайдаланғанда кѳшеде бас кийим менен жүриў керек. Қара майдан исленген (дегтярный) шампуньди боялған шашларды жуўыў ушын пайдаланба. Узақ ўақыт пайдаланыў териниң, шашлардың ҳәм тырнақлардың реңин ѳзгертиўи мүмкин.
- Қурамында кетоконазол болған шампунь (ketoconazole)
Қашан ҳәм қанша муғдарда қолланыў керек екенлиги ҳаққындағы этикеткасындағы кѳрсетпелерге әмел қыл.
Қайызғақ муғдары азайғанда, қайызғаққа қарсы шампуньларды кемирек пайдалансақ болады. Ҳәптеде бир мәрте пайдаланыў жеткиликли болыўы мүмкин.
Егер қайызғақ 4–6 ҳәптеден кейин кетпесе, басқа актив ингредиентлерге ийе басқа шампуньларды пайдаланып кѳр.
Қайызғақ ҳаққында және нелерди билиў зәрүр?
Сондай-ақ, басында қайызғақ пайда болған адамларда себорея дерматити кеселлиги денесиниң басқа орынларында пайда болыўы мүмкин, мысалы:
- қасларында
- мурын үстинде
- қулақ артында
- ийек ҳәм шекелеринде