перхоть.jpg

Қайызғақ қалай пайда болады ҳәм оннан қалай қутылыў мүмкин?

Инсанның басында баланслы тәртипте кѳплеген микроорганизмлер бар болып, олардың муғдары тийкарында нормал жағдай деп есапланады. Сондай болса да, базыда бул тең салмақлық бузылып, айрықша түрдеги пилислер кѳбейиўи мүмкин. Олардың тиришилигин тәмийинлеўши ѳнимлер клеткалардың қайызғақланыўын тезлестиреди ҳәм териде қатламлар пайда етеди. Бул қабыршақлар бир-бири менен жабысып, шаштың арасында кѳзге түсетуғын үскинсиз ақ жапалақларды пайда етеди ҳәм бул қайызғақ деп аталады.

Турақлы рәўиште даўам еткен стресслер, надурыс аўқатланыў, қәте таңланған шампунь ҳәм шаш пенен басқа күтим кѳрсетиўши затлардың ҳәммеси қайызғақтың пайда болыўына себеп болыўы мүмкин. Буннан тысқары, инсандағы ҳәр қыйлы кеселликлер себебинен, әсиресе, ишеклердиң бузылыўы, гормонал бузылыслар ҳәм организмдеги витамин жетиспеўшилиги пайда болғанда қайызғақ пайда болыўы мүмкин.

Қурғақ териге ийе баста қурғақ ҳалдағы қайызғақ пайда болыўы мүмкин. Айырым қабыршақланған бѳлекшелер териниң сыртқы қатламын қаплап, кийимге тѳгиледи. Ал, шаштың түбири аппақ қатлам менен қапланады.

Қайызғақтың жеңил формасына әпиўайы косметикалық қураллар жәрдем бериўи мүмкин. Әдетте, шампунь ҳәм маскаларға цинк элементи қосылып, пилтелердиң раўажланыўына кесент етиўши орталық жаратады. Усылай етип, қайызғақтың тийкарғы себебине тәсир жасайды.

Егер қайызғақ қайта-қайта пайда бола берсе, себорея дерматити себебинен болыўы мүмкин. Бул жағдайда трихологқа кѳриниў керек. Әдетте, дерматит болғанда комплексли терапия буйырылады, яғный бас териси ушын емлик қәсийетке ийе шампуньлар, арнаўлы диета, ал аўыр жағдайларда ишке қабыллайтуғын дәрилер бериледи.

Қайызғақ пайда болғанда ѳз бетинше емленбей, жағдайды бетер шийеленистирмеў ушын дәрҳал шыпакерге кѳринип, қәниге тәрепинен дүзилген емлеў жобасы бойынша ѳз ўақтында емлениўди баслаў усыныс етиледи.

Aldıng’ı Keyingi