Қандай жағдайларда тез жәрдем шақырыў керек?
Сондай жағдайлар болады, адамлар ѳзлеринде аўырыў сезсе, тез жәрдем шақырыў керек яки керек емеслигин билмейди. Бул мақалада қандай кеселлик белгилери пайда болғанда 103 ке қоңыраў етиў зәрүр екенлиги ҳаққында билип аласыз.
Демек, тѳмендеги жағдайларда тез жәрдем шақырыў зәрүр:
- Жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергенде, кѳшеде жарақат алғанда, кѳп қан жоғалтыў, талып қалыў, денедеги сүйеклердиң сыныўы яки басқа да аўыр жарақатлар болған айрықша жағдайларда;
- Турмыстағы жарақат нәтийжесинде кѳп қан жоғалтқанда (кишигирим кесип кетиўде емес), адам денеси ағзаларынан қан кетиў, мурыннан узақ ўақыт қан кетиў, сондай-ақ қайтарғанда, қан кетиўде;
- Кѳкиректе узақ даўам еткен аўырыўда яки кѳкиректе қысылыў сезилсе;
- Талып қалыў, күшли мий айланыўы ҳәм қайтарыў, дене ыссылығы 38.5 градустан жоқары ҳәм қалтыраў жағдайларында;
- Есин жоғалтыў, дем алыўының бузылыўы, таспалар пайда болыўы, беттиң исиўи, жѳтел, тери реңиниң ағарыўы менен кешетуғын аллергиялық реакцияларда, әсиресе, белгилердиң күшейиўи жағдайында;
- Ҳәр қыйлы түрдеги (термиялық, химиялық) күшли күйиў жағдайларында;
- Ѳткир зәҳәрлениў жағдайында, яғный, кѳп мәрте қайтарыў, диарея, ыссылықтың кѳтерилиўи болса, әсиресе зәҳәрлениў дәрилер, замаррықлар яки химиялық затлар себебинен болса;
- Иште күшли спазмлы аўырыўлар, қарынның қатыўы, диспепсия синдромы (кеўил айныў, қайтарыў, кекириў, иштиң желлесиўи ҳәм басқа да) болған жағдайларда;
- Дем алыў функциясының бузылыўы жағдайында, бирақ дем қыспа булар қатарына кирмейди, ол созылмалы кеселлик саналып, наўқаслар ҳәм оның жақынлары дем қыспа тутқан ўақытта оны қалай жеңиллетиў кереклигин билиўи зәрүр. Себеби, адам ѳз саламатлығына ѳзи жуўапкер болып, дәрилерди дурыс дозаларада қабыллаў режимин сақлаўы зәрүр;
- Гипертониялық кризисте, яғный, артериал қан басымының тосаттан кѳтерилип кетиў жағдайында. Дәслеп артериал қан басымы жүдә жоқары болмаўы мүмкин, мысалы, 180/100 мм.сынап бағанасында, бирақ кризистиң раўажланыўы менен ол 220/120 мм.сынап бағанасына яки оннан да жоқары кѳтерилиўи мүмкин.
Жоқарыдағы жағдайлар жүз бергенде 103 номерине қоңыраў етип, тез жәрдем шақырыўыңыз зәрүр.
Тез жәрдем хызметиниң тийкарғы ўазыйпасы - кеселликти емлеў бойынша усыныслар бериў емес, ал кеселлик кескинлескенде қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў (яғный, кеселлик белгилерин жеңиллетиў яки наўқастың ѳмирин стационарға апарғанша сақлап қалыў) екенлигин ядыңызда тутың.