Қулақшыннан еситиў қәбилетине зыян жеткермей қалай пайдаланыўға болады?
Кѳпшилик жаслар еситиў қәбилетиниң бузылыўынан азап шекпекте. Бундай машқалалардың тийкарғы себеби - қулақшын арқалы узақ ўақыт ҳәм бәлент даўыста музыка тыңлаў.
Егер қулақшыннан дурыс пайдаланылса, еситиўдиң тѳменлеўиниң алдын алса болады:
- Қулақшын арқалы музыканы бәлент даўыста тыңлама. Музыка даўысы ең жоқары кѳрсеткиштиң 60% инен аспаўы керек.
Даўыс бәлент екенлигин қалай анықлаўды билмей атырсаң ба? Әтирапыңдағылар айтқан сѳзди еситсең, демек даўыс нормал бәлентликте. Ал егер, адамлар менен сѳйлескенде бәлент даўыста қатты сѳйлессең, демек даўыс жүдә бәлент. Әтирапыңдағылар сендеги қулақшыннан таралған музыка даўысын еситпеўи керек.
- Қулақшын арқалы музыканы жүдә узақ ўақыт тыңлама. Қулақшын арқалы музыка тыңлаў ўақтын шегарала – үзликсиз 60 минуттан ҳәм күнине 120 минуттан аспасын.
- Шаўқымлы орынларда әтираптағы даўысларды музыка даўысы менен «жабыўға» ҳәрекет етпе. Мысалы, метро яки кѳшедеги даўысларды. Бундай орынларда даўыслы мағлыўматларды еситиўиң ушын, усыныс етилген даўыс дәрежесин асырыўға мәжбүр боласаң.
- Қулақшында музыка тыңлап уйқыға кетиўге болмайды.
- Қулақ гигиенасы талапларын қатаң түрде орынлаўың зәрүр. Әсиресе, вакуум қулақшынлардан пайдаланғаныңда.
- Естиў органлары жийи дем алып турыўы керек. Тыныш жерде отырыўға ўақыт таўып, тәбияттың даўысларын (жаўынның даўысы, тоғай, қус сеслери) тыңлаўға ҳәрекет қыл.
- Қулағыңды басқа бәлент даўыслардың тәсиринен сақлаўға ҳәрекет қыл. Мысалы, тирдеги оқ атыў сестинен. Бул ушын арнаўлы шаўқым қайтарыўшы қулақшынлар бар.
- Жолды кесип ѳткениңде, қулақшынларды шешип қой яки музыка даўысын ѳшир.
Бәлент даўыстағы музыка қәўипли сигналларды еситиўге тосқынлық қылып, адамды қәўипке салады.