1-тип қантлы диабет дегенимиз не?
Қурамында углеводлар бар болған аўқатлық затлар адам организмине түскеннен кейин глюкозаға бѳлекленеди. Глюкоза бул организм ушын жанар май есабында болып, ол энергия алыў ушын пайдаланылады. Буннан соң, қан арқалы ҳәр бир клеткага жетип барады. Бунда оған инсулин жәрдем береди. Ол асқазан асты безинде ислеп шығарылады ҳәм глюкозаны керекли нормал муғдарында болыўын қадағалайды.
1-тип қантлы диабетинде инсулин ислеп шығарылыўы тоқтайды, себеби организм қәтелесип, пайдалы клеткаларды ҳүжим етиўши микроблар деп қабыллайды. Буның ақыбетинде, антиденелер (организмниң қорғаныў системасы) асқазан асты безиндеги клеткаларға ҳүжим жасап баслайды ҳәм организмниң инсулин ислеп шығарыў имканиятына тосқынлық етеди.
Инсулин жетерли муғдарда болмағанда, глюкоза қан қурамында қалып кетеди ҳәм оның муғдары артып барады. Егер асқазан асты бези қандағы қант муғдарын тәртиплестирип турыў ушын жетерли муғдарда инсулин ислеп шығара алмаса, шыпакерлер 1-тип қантлы диабет деп диагноз қояды.
Сондай-ақ, 1-тип қантлы диабетин бәрқулла инсулин жиберип турыў зәрүрлиги себепли «инсулинге ғәрезли диабет» (ИҒД) деп те атайды.
Қандай белгилер болса диабетке гүман қылыўымыз мүмкин?
- аномал дәрежеде шѳллеў ҳәм аўыздың ишиниң кебиўи;
- тез-тезден киши дәретке шығыў;
- бәрқулла қарын аш болып жүриўи;
- қатты шаршаў ҳәм қуўатсызлық;
- түнде киши дәретти услап тура алмаў;
- салмақтың кескин кемейиўи;
- кѳздиң булдыраўы.
Бул белгилер анықланғанда кимге жолығыў керек?
Егер сизде яки жақынларыңызда бул белгилер анықланса, эндокринолог шыпакерге жолығыўыңыз зәрүр.
1-тип диабеттиң пайда болыў себеплери ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында келеси мақалада оқып алсаңыз болады.