Адамлар алдында шығып сѳйлеўге қорқыўдан қалай қутылыўға болады?
Егер адамлар алдында шығып сѳйлеўди ойлағанда қорқыныш сезиминиң пайда болыўы тек сениң бир ѳзиңде болмайды. Миллионлаған адамлар шығып сѳйлеўден алдын тәшўишленеди. Негизинде, кѳпшилик адамлар шығып сѳйлегеннен кѳре, аўырып қалғанды мақул кѳрген болар еди. Спортсменлер, музыкантлар, актерлар ҳәм жәмийетлик искерлер кѳпшилик жағдайларда ѳзлериниң шығып сѳйлеўинен тәшўишленеди.
Ѳзиңдеги қысыныўды толық жеңип ѳтиўдиң мүмкиншилиги болмағаны менен, эмоцияларыңды басқарыў ҳәм тынышсызланыўды кемейтиўдиң бир неше усыллары бар.
Қорқынышты жеңип, сахнада ѳзиңди жақсы кѳрсетиўиң ушын 10 мәсләҳәт:
- Шығып сѳйлеўге таяр бол: репетиция, репетиция ҳәм және бир мәрте репетиция.
- Шығып сѳйлейтуғын күниң кофеин ҳәм қантты кѳп қабыллама. Майлы болмаған, яғный ири тартылған уннан макаронлар, чечевица яки йогурт жақсы аўқат есапланады.
- Дыққатыңды басқа нәрселерге аўдар. Кѳзлериңди жумып, адамлар күле шырай берип, сени алғыслап атырғанлығын кѳз алдыңа келтир.
- Сәтсизлик болады деп ойлама. Ой-пикириңди унамлы нәтийжеге жәмле. Табысларыңды кѳз алдыңа келтир.
- «Егер сѳзимди умытып қалсам, қыйын сораўларға жуўап бере алмасам?» сыяқлы ѳзиңе исенимсизлик оятатуғын пикирлерди ойлама.
- Дурыс дем ал, медитация исле, ѳзиңди тынышландыратуғын басқа да стратегияларды әмелге асыр.
- Сейил ет, сейил етиў пикирлериңди тазалаўға жәрдем береди.
- Аудиторияң менен қарым-қатнас исле — мыйық тартып қара, олардың кѳзлерине тик қара, оларды ѳзиңниң досларың сыяқлы қабыл ет.
- Ѳзиңди әдеттегидей тут.
- Ўақыялардың сәтсиз түс алыўын кѳз алдыңа келтир.
Бул кеңеслер тек адамлар алдында шығып сѳйлеўде емес, ал басқа стресс жағдайларда да жәрдем береди. Егер ѳзиңдеги тәшўиш ҳәм тынышсызланыўды баса алмасаң, ўақыялардың сәтсиз түс алыўын кѳз алдыңа келтир. Анық бир жағдайды кѳз алдыңа келтиргенде, жағдай сен ойлағандай аўыр емес екенлигин ҳәм ҳәр қандай қыйын жағдайдан да унамлы тәризде ѳтиўге болатуғынлығын түсинесең. Сениң тынышсызланыўыңа қандай жағдайлар себепши болғанын, оларды қалай жеңип ѳтиў кереклигин ойланыў, ең қыйын жағдайларда да не ислеў кереклиги ҳаққында жобаң бар екенлигин сезиў, ѳзиңе болған исенимди арттырады.