Бахытлырақ болыўға қалай үйрениўге болады?
Тилекке қарсы, ҳәрдайым да адамның жақсы кейпиятта болыўы, ѳмирдиң ҳәр бир мәўритинде ѳзин бахытлы сезиўи қолынан келмейди. Гейде, ѳзиңди қапа сезсең, кейпиятыңды қалай кѳтериў кереклигин билмейсең. Тѳмендеги кѳрсетилгенлерди орынлаў арқалы ѳзиңдеги жаман кейпияттан қутыла аласаң деп ойлаймыз.
- Ѳзгелерге жәрдем бериўдиң жолларын изле.
Ѳзиңнен уллырақ нәрселерге хызмет ет. Жәрдем қандай да бир қыйын яки глобал болыўы шәрт емеслигин ядыңда тут. Кимгедур ѳзиңниң пайдаңды тийгизсең, адамларға керек екенлигиңди сезесең. Кѳпшилик ўақытта, бундай сезим адамларға жүдә аўыр кризис жағдайларда да жасаўына жәрдем кѳрсетеди
- Алдыңа ѳзиңе қанаатланыў сезимин бере алатуғын, ерисиў мүмкин болған мақсетлерди қой
Кѳпшилик адамлар мақсетлер ҳаққында айтқанда, ѳзлеринде пушайманлық сезеди, себеби олар алдыларына ерисип болмайтуғын мақсетлерди қояды.
Мақсетке ерисиў мүмкин, егер:
- ол реал болса (яғный, ҳақыйқаттан да белгили бир ўақыт аралығында оған ерисиў мүмкин болса);
- ѳзиңе сай болса (ал басқалар ушын емес);
- ѳлшенетуғын болса (яғный, ерисилгенлигин яки ерисилмегенлигин ѳлшеў мүмкин болса).
Егер қандай да бир себеплерге бола, алдыңа қойған мақсетке ерисе алмасаң, ѳзиңе усындай сораў қой: "Бул сәтсизликтен мен не нәрселер үйрениўим мүмкин?" Сондай-ақ, ѳз жетискенликлериңди басқалар менен салыстырғанда абайлы бол. Бизлер әдетте ѳзимиздиң ең үлкен әззилигимизди ѳзге адамның ең үлкен күши менен салыстырамыз. Бул ѳзиңе болған әдалатсызлық есапланады. Ерискен жетискенликлериң арзымастай болса да, ѳзиңди хошаметлеп тур.
- Ѳзиң ушын қызықлы болған жумысларды жобаластыр ҳәм турақлы түрде миннетдаршылық техникасын қолланып бар
Кеўлиң хош болыўын күтип отырмаң. Ѳз кеўлиңди ѳз бетиңше кѳтериўге ҳәрекет ет. Мысалы, ҳәр күни ѳзиңе 30 минутлық дем алыс бер ҳәм ѳзиңе унаған ислерге (хобби) ўақыт ажырат. Адамның ѳмири қысқа, сонлықтан ѳзиңе унаған ислер менен ҳәр күни шуғылланыўың керек. Сондай-ақ, бүгин не нәрсе жақсы ѳткенин еслеўге ўақыт ажырат ҳәм буған миннетдаршылық билдир. Миннетдаршылық журналын жүргизиў саған кѳпшилик ўақытта позитив толқында, жоқары кейипте болыўыңа жәрдем береди
- Шынығыўлар исле ҳәм дурыс аўқатлан.
Физикалық белсендилик кейипти жақсылайтуғынлығы әзелден-ақ белгили. Ҳәптесине бес рет 30 минутлық орташа физикалық шынығыўлар ислеп тур. Сондай-ақ, қабыллаған аўқат яки ишимлик кеўил хошлығыңа тәсир ететуғынлығына итибар қарат. Бул, рационыңнан зыянлы аўқатларды шығарып таслаўыңа жәрдем береди.
- Ѳзиңди илҳәмландыратуғын адамларға итибар қарат.
Егер сенде жийи түскинлик жағдай болып турса, әтирапыңдағы адамларға нәзер сал. Сени илҳәмландыратуғын адамлар менен жийи қарым-қатнаста болыўға, ал ѳзиңе унамсыз адамлар менен қарым-қатнасты азайтыўға яки улыўма тоқтатыўға ҳәрекет ет.
- Уйқы режимин сақлаўға ҳәрекет ет.
Тең салмақлықты сақла: жүдә кем де, жүдә кѳп те уйықлама. Күнине 8 саат уйқылаў норма есапланады. Бирақ тек ғана муғдары емес, ал уйқының сапасы да әҳмийетке ийе. Сапалы толық уйқы, организмниң қайта тиклениўи ҳәм жаңа күнди жаңа күш-қуўат пенен баслаўға жәрдем береди.