Бахыт ѳнимлери: мәўсимлик депрессиядан қутқарыўшы ең жақсы 6 ѳним
Анық бир диета түриниң депрессияның белгилерин жеңиллестириўге қатнасы бар екенлиги ҳаққында изертлеўлер жоқ болса да, тѳмендеги ѳнимлердиң жақсы кейпиятты ҳәм мийдиң жақсы ислеўин тәмийинлейтуғынлығы анық дәлилленген.
- Балық
Қурамында мийдиң саламатлығын тәмийинлеўши Омега-3 май кислоталары ҳәм D витамини бар болған ѳнимлер инсан организми ушын жүдә әҳмийетли болып есапланады.
- Жемислер
Жемислер — витаминлерге бай, мазалы ҳәм тәбийий ѳним. Оларды аўқатланыў рационына қосыў, имунитеттиң ҳәм физикалық белсендиликтиң артыўына, нерв ҳәм жүрек-қан тамыр системаларын беккемлеўге, ишеклердиң жумысын ҳәм зат алмасыў процесин жақсылаўға жәрдем кѳрсетеди.
- Кѳк, қара ҳәм ақ чай
Депрессияға шатылған адамлар, базы ўақытлары кеўил хошлығын кѳтериў ушын жүдә кѳп муғдарда кофе ишеди. Чай қурамында да кофеин бар, бирақ азырақ муғдарда. 2019-жылы июнь айында Nutrients журналында жәрияланған шолыўға тийкар, чай ишиў депрессияға шатылыў қәўпин 31%ға кемейтеди. Изертлеўшилердиң айтыўынша, бул адамның стресске қарсы реакциясына тәсир етиўши кѳк чайдағы чай сапонини, L-теанин ҳәм эпигаллокатехин галлаты (EGCG) сыяқлы сийрек гезлесетуғын бирикпелерге байланыслы болыўы мүмкин.
- Жасыл жапырақлы овощлар
Гәп шпинат, капуста ҳәм басқа да кѳк шѳплер ҳаққында кетпекте. Олар мийдиң искерлиги ушын әҳмийтели болған В топары витаминлерине бай. 2019-жылы сентябрь айында ѳткерилген айырым Nutrients изертлеўлери бул витаминлер топарының улыўма жетиспеўшилиги, гейпара адамлардың кеўил хошлығының бузылыўына байланысы бар екенлигин кѳрсетти. Сонлықтан, оларды организмде жетерли дәрежеде тиклеў, адамның кеўил хошлығын жақсылаўға жәрдем береди.
- Протеин
2017-жылы июль айында Neuropsychobiology журналында жәрияланған, Финляндияда ѳткерилген изертлеўде, депрессияға шатылған адамлардың пайызы вегетарианшылар арасында барлық азық-аўқат түрлерин жеўши адамларға қарағанда тѳрт есе жоқары болған. Изертлеўшилердиң пикиринше, машқаланың себеби ҳайўанлардан алынған азықлық затлар қурамында бар болған В витамининиң жетиспеўшилиги болыўы мүмкин
- Қара шоколад
Ѳзиңизди жаман сезгениңде мазалы затларды жеўиңиз мүмкин, бул арқалы организмге серотонин келип түседи. Бирақ, бул ўақытша тәсирге ийе болып, кейинирек, бираз ўақыттан соң алдынғы ҳалатқа қайта алып келеди. Қара шоколадтың жақсы тәрепи, оның қурамында қант муғдары аз болады. Какао муғдары қаншелли кѳп болса, қант муғдары соншели дәрежеде аз болады.
Әлбетте, витаминлерге бай дурыс аўқатланыў саламатлығымыздың беккем болыўына ҳәм стресс дәўиринде организмди қоллап-қуўатлаўда жәрдемин кѳрсетеди. Деген менен, егер кеўил-кейипиң кѳтерилмесе, әдетте қуўанатуғын затларға қуўаныш сезими оянбаса, жүдә тынышсызлансаң, бундай жағдайларда психолог қәнигеге жолыққаның мақул.