skelet.jpg

Булимия деген не?

Булимия – бул аўқатланыў әдетине байланыслы психикалық кеселлик болып, бунда адам көп муғдарда аўқатланып, кейин оны жасалма түрде лоғыў арқалы қусып таслайды.

Булимияның белгилери:

  • салмақ қосылыўынан қорқыў;
  • гейде ҳәдден тыс азғынлық;
  • адам аўқатқа өзин урады, көп жеп қойып, кейин өзин мәжбүрлеп қусады ямаса иш өткериўши дәри ишеди;
  • қусықты келтирип шығарыў ушын аўқаттан кейин тез ҳәжетханаға барыў зәрүрлиги;
  • жасырынып аўқатланыў;
  • турақлы түрде ҳәр қыйлы диеталарды тутыў;
  • тынымсыз түрде физикалық шынығыўларға бейимлилик;
  • тынышсызланыў, аўыр жағдайларда ҳәтте өз жанына қаслық етиў тилегине шекем болған депрессия;
  • тамақтағы турақлы аўырыў ҳәм тамағы күйиў/ашыў;
  • еринниң, тилдиң, териниң қурғаўы;
  • созылмалы диарея ямаса қаталаў;
  • ҳаял-қызларда етек келиў цикли ўақтының бузылыўы.

Анорексияда адам аўқатланыўдан пүткиллей бас тартса, ал, булимияда, керисинше, наўқас артықша аўқатланып, соң желинген аўқатты ҳәр қыйлы усыллар арқалы шығарып таслаўға ҳәрекет етеди.

Арық болғаннан гөре саламат болған әҳмийетлирек болып табылады. Гөззаллық стандартлары жылдан-жылға өзгерип турады. Бүгинги күнде азғын болыў бурынғыдай таң қалдырмайды. Ҳәзир саламат болыў модада. Сонлықтан, егер сизде бундай машқала болса, қысынбай ата-анаңыздан сораўға ҳәм шыпакерлерге көриниўге қорықпаң. Булимияны даўалаў ҳәм саламат турмыс кешириўдиң имканы бар.

Aldıng’ı Keyingi