Буллингден қалайынша қорғаныў мүмкин?

Егер сиз буллингке дус келген болсаңыз, яғный мектепте биреў Сизге қарап орынсыз ҳәрекетлерди ислесе  ҳәм бул турақлы рәўиште тәкирарланып атырған болса, өзиңизди эмоционал шаршағандай сезсеңиз ҳәм бул жағдайды қәйтип тоқтатыўды билмей атырған болсаңыз, түскинликке түспең! Төмендеги усыныслар сизге жәрдем береди. Барлығын дүзетиўге болады!

  1. Жағдай ҳаққында ашық-айдын ҳәм анық айтың. Сизди қапа етип атырғанлар   менен пикирлесиўде жағдайды өз аты менен атап өтиў оғада әҳмийетли. Сизге олардың ҳәрекетлери унамай атырғанлығын билдириң, мәселен: «Сиз ислеп атырған ислер маған унамай атыр. Сиз буллинг пенен шуғылланып атырсыз» деп айтың. Бунда тап усы жағдай ҳаққында айтыў ҳәм зинҳәр оның жеке өзи туўралы унамсыз баҳа бермеў оғада әҳмийетли. Яғный, әпиўайы қағыйдаға әмел етиң: шахстың қылықларын баҳаламаң, тек оның орынсыз ҳәрекетлери туўралы ашық-айдын айтың.
  2. Жасы үлкенлерден жәрдем сораўдан қорқпаң. Бул уят емес. Сизге қоллап-қуўатлаўшылар керек. Үндемей турыў ҳәм жалғызлықта азапланыў жақсы жол емес! Бул жағдайлар ҳаққында ата-анаңызға әлбетте, айтың. Оларда өмирлик тәжирийбе бар, биргеликте шығысыў жолын табыў аңсатырақ болады. Класс басшыңызға яки өзиңиз исенген басқа педагогқа, мектеп психологына мүрәжат етиң ҳәм Сизге қыйын болып атырғанын, өзиңизди жаман сезип атырғаныңызды ҳәм классласларыңыздың ҳәрекетлерин басым сыпатында қабыллап атырғаныңызды айтып бериң.
  3. Қоллап-қуўатлайтуғын инсанларды излең. Tән алың басымға қарсы жалғыз гүресиў қыйын. Мүмкин, классласларың арасында Сизиң ҳакыйқый тәрепиңизде болған ҳәм басым көрсетип атырғанлардың ҳәрекетлерин мақулламайтуғынлар болыўы мүмкин. Бирлескенде қорқыў сезилмейди ҳәм буллингке қарсы турыў аңсатырақ болады!
  4. Mашқаланы мушласыў, жәнжеллесиў менен шешпең – бул жағдайдан шығыў жолы емес. Физикалық күш жумсаў жағдайды аўырластырыўы ҳәм жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
  5. Басым өткерип атырған шахстың сылтаўларына исенбең. Егер ол буған сизди айыплы етсе яки тек ҳәзиллескенин айтса да, бул оның ҳәрекетлерин ақламайды. Кемситиўлер бәрқулла надурыс ҳәрекет болып, ҳеш ким басқа инсанды кемситип яки азап бериўге ҳақысы жоқ.
  6. Сизди сындырыўларына жол қоймаң. Егер, өзиңизди пайдасыз, әззи яки айыплы деп сезсеңиз билип қойың, бул тек жәбирлеўшиниң өзин күшли сезиўи ушын ислеген ҳәрекети болады. Сиз ҳәмме сыяқлы ҳүрмет ҳәм қорғаўға ылайықсыз.
  7. Ар-намыслы болың. Не нәрселер болып атырғанын айтыўда ҳәм буллингти тоқтатыўды талап еткенде қатаң болып турың, жағдай өзгермесе– жасыүлкенлерге мүрәжат етиўге ҳәм айтып бериўди даўам еттириң.

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиўге болады?

Өзбекстандағы исеним телефонлары:

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары: +998 71 2395920
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы: +998 71 281-50-17
  • Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиў яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.
Aldıng’ı Keyingi