Буллинг дегенимиз не ҳәм оған қарсы қалай гүресиў мүмкин?
Буллинг —бул бир инсанның басқасына өзин қастан ҳәм қайта –қайта жаман сезиўге мәжбүр етиўи ҳәм жәбирлениўши өзин қорғаўы қыйын болған жағдай болып табылады. Қорқытыўшылар көбинесе "күшлирек" болып көриниўи ушын өзлеринен әззилеў болған инсанларды таңлап алады.
Буллингтиң түрлери
Аўызша буллинг
Биреўди кемситиў, масқаралаў яки оның сезим-туйғыларын аяқ асты етиўши қопал ҳәзиллер киреди. Бундай гәп-сөзлер, әсиресе, шаңарақ, миллет, диний исеним ямаса сыртқы көринис ҳаққында болса, жүдә аўыр болыўы мүмкин.
Физикалық буллинг
Буған түртип жибериў, урыў, тебиў ямаса шахстың қандай да бир нәрсени билқастан бузып яки жаман етип қойыўы киреди. Мәселен, кийимиңизди жыртыўы ямаса ылай жағып кирлетиўи.
Қорқытыў
Кемситиўшилер айырым пайытлары қорқытады. Мысалы, "Mектептен қайтарсын сени күтип аламыз" деген сөзлер де буллинг есапланады.
Қолайсыз белгилер
Қорқытыўшылар айырым пайытлары ым-белгилери арқалы да қорқытыўға ҳәрекет етеди — бул муш көрсетиўи, қолайсыз (уятсыз) белгилер көрсетиў яки ғәзепли нәзер менен тигилип қараў болыўы мүмкин.
Алдаўшылық
Kөбинесе күш көрсетиўшилер пул яки қандайда бир нәрсени талап етеди. Базы да, олар буллинг объектин өзлери ушын урлық ислеўге мәжбүрлейди.
Тән алмаў (итибарсызлық)
Егер Сизди турақлы рәўиште билқастан итибарсыз қалдырса, ойынларға яки сәўбетлесиўлерге қоспаса ҳәм топардан шығарып таслаўға ҳәрекет етсе,– бул да буллингтиң бир формасы есапланады.
Басқаларды жәбирлениўшиге қарсы қойыў
Қорқытыўшылар инсанды кемситиў ҳәм оны теңлеслери менен қарым-қатнаслардан шетлестириў мақсетинде мыш-мышлар яки өтирик мағлыўматлар тарқатыўы мүмкин.
Турпайы жазыўлар ҳәм сүўретлер
Бул мектеп яки көшеде сиз туўралы жазылған турпайы жазыўлар, сүўретлер яки граффити болыўы мүмкин.
Kибербуллинг
Бунда интернет ҳәм телефон қуралларынан пайдаланылады — жағымсыз хабарлар жибериледи, қорлайтуғын , кемситиўши хабарлар, турпайы фото ҳәм видео материаллары ямаса фото-шоп сүўретлер тарқатылады .
БУЛЛИНГ — БУЛ БӘРҚУЛЛА НАДУРЫС!
Ҳеш ким сизди қорқытыў яки сизге қәўип туўғызыўға ҳақылы емес! Буллинг жағдайларында қандай илажлар көриў ҳаққында сайтымыздың басқа мақалаларында мағлыўмат табыўыңыз мүмкин.
Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?
Өзбекстандағы исеним телефонлары:
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006
- «Инсан» социаллық хызметлер орайлары: +998 71 2395920
- Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы: +998 71 281-50-17
- Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиў яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.