Депрессия ўақтында нелерден сақланыў керек?
Депрессия жағдайында айырым ҳәрекетлер аўҳалыңызды еле де жаманластырыў мүмкинлигин аңлаў оғада әҳмийетли. Төменде Сизге ислеўге мүмкин болмаған ҳәрекетлер мысал етип келтирилген:
- Зыянлы әдетлерге берилмең. Депрессия көбинесе инсанды аз жумыс ислейтуғын етип қояды. Сизге ең жақсы шешим, ҳеш нәрсе ислемеў, ең жақсы пикир болып түйилиўи мүмкин. Лекин, бул жағдай сизиң аўҳалыңызды тек ғана аўырластырады. Өзиңизди ҳәрекетке келтириўге талпының, ҳәттеки бул әпиўайы нәрсе болса да- мәселен, сейил етиў яки жеңил созылыў шынығыўларын ислең. Әҳмийетлиси- пүткиллей ҳәрекетсизликке берилип кетпеў.
- Aлкоголь ямаса наркотикалық затларды пайдаланбаң. Aлкоголь яки наркотикалық затлар машқалаларды жоқ етпейди, бәлким оларды күшейттиреди. Олардан пайдаланыў сизге ўақытша жеңиллик бериўи мүмкин, лекин, кейин өзиңизди және де жаман сезесиз. Бул унамсыз затларға әдетлениў тағы да қыйыншылықларды келтирип шығарады ҳәм депрессиядан шығып кетиўди қыйынластырады.
- Емлениўге итибарсызлық етпең. Егер депрессия оғада аўырласса, оны жалғыз өзиң жеңиўиң қыйын болады. Бундай жағдайда психолог ямаса аўыр жағдайларда психотерапевт яки психоневрологқа мүрәжат етиў керек. Симптомларды бийкарлаў ямаса емлениўден бас тартыў жағдайды еле де жаманластырыўы мүмкин.
- Қашан қәнигелерге мүрәжат етиў керек?
Егер Сизге депрессия қадағалаўыңыздан шығып атырғандай түйилсе, психолог яки психотерапевт/психоневрологқа мүрәжат етиўден қорықпаң. Төменде аўыр жағдайларда көрилетуғын емлеў усыллары келтирилген:
- Aнтидепрессантларды қабыллаў. Антидепрессантлар жағдайды турақластырыўға жәрдем береди, лекин, олар бирден тәсир етпейди. Өзгерислерди сезиў ушын әдетте бир неше ҳәпте керек болады. Бул дәрилерди шыпакердиң қадағалаўында қабыл етиў керек.
- Психотерапия. Психотерапия депрессияны жеңиўдиң ең нәтийжели усылларынан бири болып есапланады. Ол арқалы сезимлериңизди түсиниў, оларды басқарыўды үйрениў ҳәм аўыр жағдайлардан шығыў жолларын табыў мүмкин. Психотерапия арқалы өз пикирлериңизди түсиниў ҳәм келешекте депрессия жағдайларының алдын алыў көнликпесин қәлиплестириўге ерисиў мүмкин.
- Қәнигеге мүрәжат етиў кереклигин түсиниў оғада әҳмийетли. Депрессияны емлеўди артқа тартыў ҳәм машқалаға шешим табыўды кешиктирмең. Қаншелли ерте өз ден саўлығыңыз туўралы қайғырсаңыз, соншелли тезирек тиклениўге ерисесиз. Депрессия аўыр жағдай болып, оны жалғыз жеңиў қыйын болыўы мүмкин, лекин, тийисли қоллап–қуўатлаў ҳәм дурыс усыллар жәрдеминде өмирден және заўық алыўыңыз ҳәм өзиңизди жақсырақ сезиўиңиз мүмкин. Жәрдем сораўдан уялмаң — бул өмириңизди тағы да жақсы сезиниўиңиз ушын қойылған дәслепки қәдем болып табылады.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)