01.Mental Health-06

Достыңыз буллингке дус келгенде – қандай жәрдем бериў мүмкин?

Егер сиз биреўди қапа етип атырғанын көрсеңиз, умытпаң: буллинг етиўши ҳәм жәбирлениўши ушын да, бул жағдайды тоқтатыў аңсат емес. Кемситиў ҳәм буллинг ҳеш қашан қабыл етип болмайтуғын жағдай болып,  буллинг етиўши қаншама өзин ақламасын бул нызамға қарсы ҳәрекет деп есапланады.

Ҳеш ким басқаларға азап бериў ҳуқықына ийе емес! Ҳеш қандай себеп буллингти ақлай алмайды!

Сиз өз достыңызға бул жағдайдан шығып кетиўине жәрдем бериўиңиз мүмкин. Егер сиз ҳәзир араласпасаңыз, бир күни Сиз буллинг етиўшиниң нышанына айланыўыңыз мүмкин.

Сиз не ислеўиңиз мүмкин?

Бул буллинг екенин анықлаң.

Егер классларыңыздың яки басқалардың минез-қулқы достыңызды кемситип атырғанын байқасаңыз, бул әпиўайы ойын емес – бул буллинг! Достыңызды қоллап-қуўатлаў ушын буллинг ислеп атырған теңлеслериңизди айыплаўдың орнына, оның ҳәрекетлери қабыл етиўге болмайтуғын жағдай екенлигин түсиндириң.

Жасы үлкенлерге мүрәжат етиң.

Егер сиз жағдайды еркин түрде шеше алмасаңыз, жүз берген нәрселер ҳаққында жасы үлкенлерге хабар бериң. Бул “гәп тасыўшылық” емес, бул өз ҳуқықларыңызды ҳәм басқалардың ҳуқықларын қорғаў болып есапланады. Ҳәр бир инсан мектепте де, оның сыртында да қәўипсизликке ҳәм ҳүрметке ылайық. Муғаллимлер, мектеп психологы  – буллинг пенен байланыслы машқалаларды сапластырыў ушын арнаўлы таярлық көрген адамлар болып табылады. Буллинг ҳаққында айтып бериў– сатқынлық емес, бәлким күшлилик белгиси есапланады!

Жәбирлениўшини қоллап –қуўатлаң!

Илажы болса, достыңызға Сиз буллингти қарсы екенлигиңизди ҳәм оған жәрдем бериўди қәлейтуғыныңызды билдириң. Ҳәттеки бир аўыз жақсы гәп оның ушын үлкен әҳмийетке ийе болыўы мүмкин. Буллинг қурбанлары ушын  ең аўыр жағдай– әтираптағылар жағдайдан хабардар болса да,   ҳеш ким ҳеш нәрсе ислемей атырғанын көриўден ибарат. Бул оларды өзин жалғыздай сезиўге мәжбүр етеди. Ҳеш болмағанда, Сиз бийпәрўа емеслигиңизди көрсетиў арқалы жәрдем бере алыўыңыз мүмкин.

Егер жалғыз өзиңиз араласыўдан қорқсаңыз, жәрдем сораң.

Әтирапқа нәзер таслаң, мүмкин, буллингти тоқтатыўға жәрдем бериўди қәлеўши инсанларда бар шығар. Буллинг ислеўшилерге тамашагөйлер ҳәм қоллап-қуўатлаўшылар керек болады. Егер олардың тамашагөйлер аудиториясы жоқ болса, буллингтиң те мәниси қалмайды.

Буллинг ҳәр қандай жағдайда да ақланыўы мүмкин емес!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi