Жас ѳспиримлик дәўирдеги психологиялық ѳзгерислер: олар қандай болады?
Жас ѳспиримлик дәўир неше жастан басланады?
Жас ѳспиримлик дәўир ѳз ишине 10 жастан 18 жасқа шекемги дәўирди қамтыйды. Кѳпшилик оқыўшыларда жас ѳспиримликке ѳтиў 5-класс ўақтында басланады. Жас ѳспирим бул жас бала емес, бирақ еле ересек адам да емес.
Бул дәўирде жас ѳспиримлерде қандай ѳзгерислер болады?
Жас ѳспиримлик дәўир бул жынысый жетилисиў басланатуғын ўақыт. Бул дәўирде жас ѳспиримлер ѳзлерин ересеклердей тутыўға ҳәрекет етеди. Олар қатар-қурбыларына, муғаллимлерине ѳзлериниң уқыплылығын, кѳнликпелерин ҳәм потенциалын кѳрсетиўге урынады.
Жас ѳспиримлик дәўир бул минез-қулқындағы ѳзгерислерге байланыслы қыйын ѳтиў дәўири.
Сенде ҳәм сениң кѳпшилик қатар-қурбыңда ѳзине ерк бериў, ѳжетлик, агрессия ҳәм максимализм сыяқлы минез пайда болады.
Бул дәўирде сениң жәмийеттеги статусың ѳзгереди, туўысқанларың, досларың ҳәм қатар-қурбың менен жаңа қарым-қатнаслар пайда болады. Жас ѳспиримлик қарым-қатнаста ең баслы мәселе бул дослықтың тийкарғы нормаларын анықлаў ҳәм ѳзлестириўден ибарат.
Бул дәўирде сениң ересекликке ѳтиў дәўириң унамлы эмоцияларға толы болыўы ушын дыққатыңды кѳбирек ѳмирдиң унамлы тәрепине қарат, әрманларыңның орынланыўына ҳәрекет ет.