01.Mental Health-11

Жас өспиримлер ушын медитация: қәтержамлық ҳәм өзине исениў сырлары

Meдитация ҳәм саналылық әмелияты Сизиң өмириңизге жүдә үлкен жәрдем бериўи мүмкин. Әдетте, медитация тек жасы үлкенлер ушын стрессти жеңиўде пайдалы деп есапланады, бирақ, ол мектептеги, қарым-қатнаслардағы ҳәм жеке қыйыншылықларға дус келетуғын жас өспиримлер ушында пайдалы болыўы мүмкин. Медитация Сизге өзиңизди исенимли ҳәм тыныш сезиниўиңизге де жәрдем береди.

Meдитация дегенимиз не ҳәм ол қалайынша ислейди?

Meдитация — бул өз пикирлериңиз ҳәм сезим-туйғыларыңызды басқарыўдың әпиўайы усылы саналады. Ол белгили бир дин менен байланыслы емес, соның ушын оны ҳәр бир адам сынап көриўи мүмкин. Медитация арқалы өз пикирлериңизге көбирек дыққат-итибарыңызды қаратып, сыртқы орталық қандай болмасын, ишки тынышлықты табыўын үйрениўи мүмкин.

Meдитация қандай жәрдем береди?

Meдитация — бул дем алыў ҳәм кемирек тәшўишлениў ушын әжайып усыл. Егер имтихан яки әҳмийетли ўақыя алдынан стрессти сезип атырган болсаңыз, медитация Сизге тынышланыўға ҳәм дыққат-итибарды топлаўға жәрдем береди. Сондай-ақ, ол стрессти нелер келтирип шығаратуғынлығын түсиниўге ҳәм оған туўры қарсы турыўшы стратегияны табыўға жәрдем береди. Буннан тысқары, медитация баҳаларынызды жақсылаў, өз-өзиңизге исенимди асырыў ҳәм қыйыншылықларға аңсатырақ шыдам бериўиңизге жәрдем береди.

Meдитацияны қалайынша баслаў керек?

Meдитация етиў ушын көп ўақыт ажыратыў шәрт емес. Сиз тек ғана сабақлар басланыўы алдынан яки ҳәр қандай стрессли жағдайда  5-10 минут медитация ислеўиңиз мүмкин. Тийкарғысы — турақлылық. Дәслепки, қәдемлерде ҳәммесин дәрҳал дурыс әмелге асыра алмасаңызда, бул әпиўайы жағдай. Meдитация — буны әмелият етип барғаныңыз сайын аңсатласып баратуғын көнликпе болып табылады. Meдитация — өзиңизди исенимли ҳәм қәтержам сезиўиңиздиң әпиўайы усылы. Қысқа ўақытлы шынығыўлар да сезим –туйғыларыңызды қадағалап барыўға ҳәм қыйын жағдайларда тең салмақлылықты табыўда жәрдем береди.  Сынап көриң — нәтийжесин көресиз!

Meдитацияны баслаў ушын мәсләҳәтлер

  1. Қолайлы орын табың. Бул үйдиң тыныш мүйеши ямаса ҳәттеки класстағы ақырғы парта болыўы мүмкин.
  2. Дем алыўға дыққатыңызды қаратып, итибарыңызды топлаң. Kөзлериңизди жумып, терең дем алып, әсте-ақырын шығарың. Ҳаўаның мурыннан қәйтип өтип атырғанын сезиниң.
  3. Асықпаң ҳәм сабырлы болың. Егер алдын дыққат-итибарыңызды топлаў қыйын болған болса, бул әдеттегидей жағдай. Ўақыт өтиўи менен медитация аңсатырақ болады.

Meдитация ҳәр қандай жаста да үйрениўге болатуғын көнликпе, лекин, пикирлериңизди дәрҳал толық «өшириў» аңсат болмаўы мүмкин. Өзиңизге ўақыт бериң ҳәм орынлаўды даўам етиң. Есиңизде сақлаң, медитацияда анық «дурыс» яки «надурыс» усыл жоқ— тийкарғысы, өзиңизди жақсырақ ҳәм тыныш сезиниў болып есапланады.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi