Жаңа орын ҳәм мәдениятқа қалай бейимлесиўге болады?
Ҳәр қыйлы себеплерге бола, ѳзиң жаcап атырған орныңды, қалаңды, ҳәттеки елиңди ѳзгертиўге мәжбүр болатуғын жағдайлар болыўы мүмкин. Бул оқыўыңа, жумысыңа, шаңарақтағы ямаса басқа да жағдайларға байланыслы болыўы мүмкин.
Тѳмендеги усыныслар жаңа орынға аңсат бейимлесиўиңе жәрдем береди:
- Баратуғын жериңдеги мәденият ҳәм тили менен алдыннан танысып ал. Тил билиў адамлар менен қарым-қатнастың тийкары.
- Пайдалы нәрселер менен шуғыллан. Ҳәр қыйлы курсларға жазыл, китапханаға бар, паркте сейил қыл, адамлар менен қарым-қатнаста болыўға ҳәрекет қыл, тил үйрен, алдыңа мақсет қой ҳәм оған ерис.
- Саяхатқа шық. Гейде ѳзиңди турист сыпатында кѳр: қызықлы орынларды барып кѳр.
- Күнделик жүргиз. Ѳзиңдеги сезимлер ҳәм барып кѳрген орынлар ҳаққында жазып барыў, ѳзиңди ѳзиң түсинип жетиўиңе ҳәм кѳплеген келиспеўшиликлерди шешиўге жәрдем береди.
- Китап оқы. Китап адамның тек ғана ой-ѳрисин ҳәм пикирлеўин раўажландырып қоймастан, басқа мәденият адамларын тереңирек түсиниўиңе жәрдем береди.
- Сырт елли адамлар менен қарым-қатнаста бол. Олар саған ѳзлериниң елиниң мәденияты менен танысыўыңа жәрдем береди. Сатыўшылар, официантлар ҳәм әпиўайы дос мүнәсибеттеги адамлар менен сѳйлесип тур. Басқа елде болғаныңда, ѳз елиңнен болған адамлар менен дос тутыныўға ҳәрекет ет. Олар менен қыйыншылықларды биргеликте талқылаў, бейимлесиў дәўиринен жеңил ѳтиўге жәрдем береди.
- Спорт пенен шуғыллан. Физикалық белсендилик психологиялық стрессти жеңип ѳтиўиңе, дыққатыңды басқа жаққа аўдарыўға ҳәм ѳзиңде топланған унамсыз күшлердиң шығып кетиўине жәрдем береди.
- Үйреншикли әдетке айланған нәрселер менен шуғыллан. Ѳзиң күнделикли турмыста жейтуғын ямаса миллий тағамларды таярла, ѳз елиңнен болған танысларың менен ушырас, ѳзиңе унаған ана тилиңдеги фильмлерди тамашала. Айырым ўақытлары ѳзиңе таныс ҳәм жақын болған нәрселерди сезип ҳәм кѳрип турыў ѳз үйиңе болған сағынышты умытыўға жәрдем береди.
- Юмор сезимиңди сақлап қал ҳәм оны раўажландыр! Юмор сезими ҳәмме миллетте де бар. Егер қандай да бир қәтеге жол қойсаң, яки айырым бир жағдайдаларда ѳзиңди қалай тутыў керек екенлигин билмесең, ѳзиңе ҳәдден тыс қатал болма.
- Мәдений шок бул ўақытша қубылыс екенлигин есиңде тут. Ең баслысы, түсинбеген нәрселериңди сораўға тартынба ҳәм ѳзгерислерге таяр тур.