Жынысый жетилисиў дәўириндеги тынышсызланыў эмоционаллық ҳалат – бул нормал жағдай ма?
Адамның мийи бул ҳақыйқый таң қаларлық нәрсе! Егер сенде оның ишине бир нәзер салып кѳргендей имканият болғанда, ол жерде сен ҳәр минут сайын жүдә үлкен ѳзгерислер болып туратуғынлығын кѳрер едиң. Мысалы, дем алыў, қан айланысы ҳәм ас сиңириў процесслери. Бул процесслердиң барлығы, адам организминдеги миллионлаған химиялық процесслердиң қатнасында бир ўақыттың ѳзинде болып ѳтеди.
Жынысый жетилисиў дәўиринде адам денеси қалай ѳзгеретуғынлығын кѳрип шыққанымызда, кѳринисиңдеги ѳзгерислер ҳәм ѳзиңди қалай сезетуғынлығыңа тийкарынан гормонлар себепши деген жуўмаққа келген едик. Гормонлар бул биологиялық актив затлар болып, олар мағлыўматларды бир органнан екиншисине жеткерип турады.
Бул жерде мий қандай роль атқарады?
Негзинде, бул дәўирде мий барлық имканиятларын толық иске салған ҳалда ислейди: мий бундай кѳлемдеги жумысты соңғы мәрте сен анаңның қурсағында раўажланған пайытта ҳәм туўылғаннан кейинги дәслепки жылларда иследи. Сен жаңа ѳмирге қәлиплесип, дем алыўды үйренип барып кѳнликпелериңди арттырып бардың.
Менде қандай кемшилик бар?
Сениң кейпиятыңа, минез-қулқыңа жуўап беретуғын мийдиң тийисли зоналары еле толығы менен қәлиплесип болмады. Сонлықтан, жаңа ҳәм кѳплеген эмоцияларды басқарыўда, сен ѳзиңди жалғыз ҳәм түскинликте сезиўиң мүмкин.
Бирақ, сениң белгили бир жағдайларда ѳзиңди қалай тутыўыңа мийдиң алдынғы бѳлими жуўап береди, ал ол болса ересеклик минез-қулыққа ѳтиўде ең соңғы болып ийкемлеседи. Бул, ѳзиңде артықша эмоцияларсыз ҳәм кейпияттың ѳзгериўшеңлигисиз турақлы минез-қулықты қәлиплестириў ушын кѳп ўақыт ҳәм ѳз үстиңде кѳп ислеў керек екенлигин билдиреди.
Алдынлары сени қатты ашыўға салатуғын, ҳәттеки кеўлиңе жара салатуғын айырым жағдайлар ҳәзир унамсыз емес, ал айырым әҳмийетсиз нәрселер, керисинше, жүдә әҳмийетли болып сезилип атырғанлығын байқап қалыўың мүмкин. Себеби, ҳәмме нәрсе жүдә тез ѳзгерип турады!
Ҳәттеки, әдеттеги әпиўайы күнделикли жағдайларда да кейпиятың бузылыўы мүмкин. Ѳзиңе унаған джинсы шалбарыңды таба алмай қалдың, ал досларың болса сени кѳшеде сейил етиўге шақырмады! Бир қарағанда майда нәрселер, бирақ мийиң жағдайға араласып, саған тынышланыўға жәрдем бере алмаса, бул нәрселер үлкенирек әҳмийетке ийе болып баслайды. Бирақ, бул сен ѳзиң айтқан сѳзлерге ҳәм ис-ҳәрекетиңе жуўапкер емессең дегенди билдирмейди. Мийдиң раўажланыўы ҳәм денедеги болып атырған ѳзгерислер ҳаққындағы билимлериң ѳз эмоцияларыңды басқарып билиўиңе жәрдем береди.
Ҳеш қандай жағдайда да ѳзиңди айыплы санама! Ѳзиңде кемшилик бар деп ойлаў керек емес. Бундай жағдайлар қатар-қурбыларыңның кѳпшилиги басынан кешетуғынлығы анық. Ең баслысы, ѳзиңдеги сезип атырған қыйыншылықларды жеңиўге жәрдем беретуғын ис пенен бәнт болыў. Сейил етип келиў, досларыңа қоңыраў қылыў, газетаны майда бѳлеклерге бѳлип жыртыў яки медитация менен шуғыллансаң болады.