Интернетте жеке мағлыўматларыңыз тарқатылды ма? Kибербуллингтен қорғаның!

Егер жеке мағлыўматларыңыз интернетте жәрияланып, кибербуллинг қурбанына айланған болсаңыз, төмендеги қәдемлерге әмел етиң:

  1. Дәлиллерди сақлап қойың. Кемситиў ямаса қорқытыўларды өз ишине алатуғын ҳәмме хабарлар, сүўретлер яки видеолардың скриншотларын алың. Ҳәр бир материалдың басылған сәнесин ҳәм ўақтын да белгилеп қойың. Бул дәлиллер ҳуқық қорғаў органларына яки социаллық тармақ администрациясына мүрәжат еткенде пайдалы болады.
  2. Платформа администрациясына хабар бериң. Maғлыўматлар жайластырылған социаллық тармақ қадағалаўшыларына яки қоллап-қуўатлаўшы хызметине хат жазың. Нызамбузыўшылық туўралы хабар бериң ҳәм контентти өшириўди сораң. Көплеген платформаларда кемситиўши контентке шағым етиў ушын арнаўлы түймелер бар.
  3. Aккаунт сырлылығын дүзетиң. Профилиңиздиң сыр сақланатуғын қурылмаларын өзгерттириң, сонда  хабарлар жазылған бетиңиз тек ғана досларыңызға көринеди. Бул жеке мағлыўматларыңыздың тағы да тарқалыўының алдын алыўға жәрдем береди.
  4. Ҳуқық қорғаў органларына хабар бериң. Егер жеке мағлыўматларыңыздың тарқатылыўы қорқытыў яки шантаж бенен бирге жүз берген болса, жақын әтираптағы ишки ислер бөлимине мүрәжат етиң ямаса «102» номерине қоңыраў етиң. Сондай-ақ, кибержынаятлар ҳаққында  "Өзкомқадағалаў" мәмлекетлик инспекциясына хабар бериўиңиз мүмкин.
  5. Жәрдем сораң. Бул жағдай туўралы ата-анаңызға, мектеп психологына яки исенимли үлкен жастағы инсанға айтып бериң. Сондай-ақ, исеним телефонларына қоңыраў етип, профессионал қоллап-қуўатлаўшы алыўыңыз мүмкин.

Тынышсызланыўға түспең ҳәм бул қәдемлерге әмел етип өзиңизди қорғаң. Бул ҳәрекетлер жағдайды жеңиў ҳәм кейинги ҳүжимлерден қорғаныўыңызға жәрдем береди.

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?

Өзбекстандағы исеним телефонлары:

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары: +998 71 2395920
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы: +998 71 281-50-17
  • Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиў яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.
Aldıng’ı Keyingi