Кейпияттың ѳзгериўшең болыўы – оны қалай жеңиўге болады?
Ѳзиңиз сезген болыўыңыз керек, жынысый жетилисиў дәўири кѳпшилик ўақытта эмоционаллық ѳзгерислер менен кешеди.
Кѳп жылаў, мийримсизлик, тынышсызланыў яки қуўаныш сезимлери ашыўшақлыққа ѳзгерди ҳәм бул нормал қубылыс есапланады. Гейде барлық эмоцияларды бары жоғы 10 минут ишинде бастан кеширесиз. Ѳспиримликке ѳтиў дәўиринде кейпияттың кескин түрде ѳзгериўшеңлиги себепли, сиз ақылдан аздым деп те ойлаўыңыз мүмкин. Тәшўишленбең, бул олай емес. Усындай қыйын ўақытлары сиз эмоцияларыңыздың себебин билсеңиз, сиз оларды басқарыўыңызға болады.
Жынысый жетилисиў дәўириндеги физикалық ѳзгерислерге гормонлар себепши болады. Гормонлар ѳз хызметин дурыс ислегени менен, бәрибир қолайсызлықлар келтирип шығарыўы мүмкин. Организмиңиздеги химиялық затлар сизиң эмоционаллық жағдайыңызға тәсир етеди ҳәм нәтийжеси ѳзгеше болыўы мүмкин.
Мысалы, сиз анық бир себепсиз ашыўланыўыңыз яки қапа болыўыңыз мүмкин. Еки ай алдын сизге мыйық тарттырған нәрсе, ҳәзир пүткиллей кери эмоцияға салыўы мүмкин. Ўақты-ўақты ѳзиңизди қатты бахытлы сезесиз. Кейин, организмиңизде ҳәм келбетиңизде кешип атырған ѳзгерислер себебинен тартыншақ болып, досларыңыз ҳәм жақынларыңыз итибар қаратқаны ушын олар менен гийнелесип жүресиз. Бирақ, кейпияттың бундай тез-тезден ѳзгериўшеңлиги нормал жағдай. Тек ғана ѳзиңизди жақсы кѳриўди ҳәм қабыл етиўди естен шығармаң, кейпиятыңыздың тез-тез ѳзгериўшеңлигине таяр болып жүриң.
Басыңыздан кеширгенлериңизди жақын досларыңыз бенен бѳлисиң, себеби олар да усы ѳзгерислерди басынан кеширеди. Бәлким жақынларыңыз сизди толық түсинбеўи мүмкин, бирақ сиз оларға ѳзиңизди басқаша сезип жүргениңизди айтып берсеңиз олар жәрдем бериўи мүмкин. Егер бѳлмеңизде музыка тыңлап жалғыз қалғыңыз келсе, бул жүдә жақсы белги. Ѳзгелер менен сѳйлесиўге еле таяр болмасаңыз, жалғызлықта болың. Сизге және бир пайдалы мәсләҳәт: социаллық тармақлардағы депрессияға себеп болыўшы талқылаўларды оқымаўға ҳәрекет етиң, ѳйткени кейпиятыңыздың ѳзгериўшең пайытында сиз депрессияға түсип қалыўыңыз мүмкин.
Булардың бәрине гормонлар себепши екенлигин умытпаң. Сиз бенен бир қатарда дүньяда миллионлаған жас ѳспиримлер басларынан ѳтиў дәўирин кеширмекте ҳәм ѳзлерин тап сен сыяқлы сезбекте. Булардың барлығы ѳтип кетеди. Сизде бундай ѳзгериўшең кейип бәрқулла сақланып қалмайды.