madaniy.jpg

Мәдений шок дегенимиз не?

Мәдений шок – адамның ѳзине жат мәдений орталығына түсип қалғанда пайда болатуғын физикалық ҳәм эмоционаллық қолайсызлықлар. Мысалы, сырт еллерде оқыў, басқа еллерге саяхат етиў яки кѳшип барыў.

Басқа ҳәр бир процесстеги сыяқлы, мәдений шоктың да ѳзине тән басқышлары болады. Барлық адамда да бул басқышлардың барлығын басынан кешире бермейди (жат жерлерде болыў мүддети ҳәм мақсетине қарай), бирақ, олардың айырымларын басқа мәдений орталыққа түскен ҳәр бир адам басынан кеширеди.

  1. “Пал айы”. Бул басқышта адамға ҳәмме нәрсе унайды. Ҳәмме нәрсе әжайып ҳәм шырайлы болып кѳринеди, кѳтериңки кейип, шет елде қалыўға үлкен үмитлер, жаңа нәрселерди үйрениўге ҳәм сынап кѳриўге таярлық сезими пайда болады. Қыялында: "Бул жерге келгеним жүдә зор болды!" деген пикирлер болады.
  2. “Мәдений шок”. Бир неше ҳәпте яки айлар ѳткеннен соң, адамда тынышсызланыў ҳәм адамлар менен қарым-қатнасында машқалалар (сол елдеги тилди жақсы билсе де) пайда болады. Жумыста, оқыўда, дүкәнда, үйде ѳзин тутыў қағыйдалары түсиниксиз сезиледи ҳәм барлық парықлар сезилип баслайды.
  3. Кризис ҳәм қабыл етпеў. Адам жаңа мәмлекет ҳәм ол жердеги адамлардан кемшилик излеп баслайды. Ҳәдден тыс сыншыл болып қалады, ѳзи дусласқан турмыс тәризин қабыл етпейди. Бул басқышта ол тек ғана ѳзиниң елинен келген адамлар менен қарым-қатнас қылыўға ҳәрекет етеди. Адамлар менен қарым-қатнаста болғысы келмеў, ашыўланыў, ғәзеплениў сезимлери яки депрессия пайда болады.
  4. Кѳнлигиў ҳәм бейимлесиў. Депрессия оптимизм сезимине айланады. Ѳзине болған исеним артып барады. Турмысы елеге шекем басқаша, бирақ бул нәрсе енди оны тәшўишке салмайды. Ѳзин үйиндегидей сезип баслайды. Ҳәмме нәрсе түсиникли болып баслайды. Бул мәмлекетте узағырақ қалыў яки ол жерге және келиў тилеги пайда болады.
  5. Кери мәдений шок. Инсан ѳз ўатанына қайтқанында пайда болады. Енди бул жерде адам ѳзин қолайсыз сезеди, себеби, узақта болған ўақтында ҳәмме нәрсе ѳзгергендей сезиледи. Бундай жағдайда, инсан ѳз мәдениятына қайтадан бейимлесиўге мәжбүр болады.

Қандай жағдай болғанда да, мәдений шок бул пүткиллей нормал жағдай ҳәм ҳәттеки жаңа шәраятларға бейимлесиў процесиниң ажыралмас бѳлеги есапланады. Ең баслысы, жаңа мәденият ҳәм аймаққа аңсатлық пенен бейимлесиўдиң туўры жолларын табыў есапланады.

Aldıng’ı Keyingi