Не ушын эмоционаллық интеллект дегенимиз тек ғана модаға айналған тема емес, ал, сондай-ақ жүдә әҳмийетли тема?
Ҳәр бир эмоцияңды алдыңа қойған мақсетиңе ерисиўдеги ресурс есабында пайдаланыўыңа болады. Сонлықтан, эмоционаллық интеллектти раўажландырыў бул келешектеги жетискенликлердиң ҳәм үлкен жеңислердиң гиреўи есапланады.
Эмоционаллық интеллект бул ѳзиңниң ҳәм әтирапыңдағы адамлардың эмоцияларын түсиниў уқыбы. Бул сендеги басқаларға ҳәм ѳзиңе болған сезимлериңе ҳәм тынышсызланыўыңа дурыс баҳа бериў кѳринисинде болады.
Дүньяда ѳзгерислер жүдә тез жүз береди. Бүгинги күнде биз тек ғана жақсы қәниге ҳәм ѳз исиниң устасы болып қалыўымыз жеткиликли емес. Соның менен бир қатар, жәмийет пенен нәтийжели қарым-қатнаста болыў уқыбына ийе болыў да әҳмийетли есапланады.
Бәршемизге мәлим, IQ (intelligence quotient, интеллект коэффициенти) адамның интеллектуаллық ҳәм аналитикалық уқыплылығын анықлайды. Ал, EQ (Emotional Intelligence) болса – жеке ҳәм социаллық кѳнликпелерди анықлайды.
Бундай кѳнликпелерге тѳмендегилер киреди:
- аң-сезим бул ѳзиңниң эмоцияларыңды аңлаў ҳәм анализлеў, сондай-ақ, ѳзиңниң күшли ҳәм әззи тәреплериңди билиў уқыбы;
- ѳзиңди басқарыў бул эмоцияларыңды басқарып билиў, ҳәттеки жүдә қыйын жағдайларда да эмоционаллық тең салмақлықты сақлап қалыў уқыбы;
- эмпатия бул әтирапыңдағы адамлардың эмоцияларын түсиниў, ѳзгелер менен қарым-қатнаста болғанда олардың ишки руўхый жағдайын есапқа алыў уқыбы;
- қарым-қатнастағы кѳнликпелер бул адамлар менен қарым-қатнас ислеп билиў, олардың эмоцияларын басқарыў, келиспеўшиликлерди сапластырып билиў уқыбы.
Эмоционаллық интеллектти үш басқышта қәлиплестирсе болады:
- басыңнан кеширген эмоцияларыңды турақлы түрде жазып бар;
- бундай сезимлердиң себебин анықла;
- ѳзиңди тынышландырыўшы (дем алыў, медитация, сейил етиў) яки күш-қуўат бериўши усыллардан пайдалан (спорт, аяқ ойыны, шаўқымлы ҳәм кеўилли музыка).
EQ дәрежеси жоқары адамлар социаллық тәрептен ѳзлериниң жыллы жүзлиги, басықлығы, бәрқулла жақсы кейипте болыўы менен ажыралып турады. Эмоционаллық тәрептен турақлы адамлар, эмоцияларды жақсырақ аңлайды, себеби олар дыққатын ѳзлерине қарағанда әтирапындағы адамларға кѳбирек қаратады.