book.jpg

Оқыў ўақтында стресстен қалай қутылыўға болады?

Мектепте оқыў, күнделикли сабақлардан кейин ҳәр қыйлы класстан тыс шынығыўлар ҳәм спорт секцияларына қатнаў, сабақ таярлаў – булардың барлығы сизди шаршатады ҳәм стресске алып келеди.

Күнделикли турмыста ҳәр қыйлы жағдайлар жүз бериўи мүмкин. Гейде сиз ашыўды, шаршаўды ҳәм ҳәдден тыс зорығыўды бастан кешириўиңизге туўра келеди. Бундай режим ҳәр қыйлы кеселликлерге ҳәм стресске алып келиўи мүмкин.

Үзликсиз стресс адам денсаўлығына унамсыз тәсир етип, ҳәр қыйлы кеселликлердиң раўажланыўына себепши болады. Буның алдын алыў ушын:

  • күн режимине әмел етиң (анық бир ўақытта уйықлап ҳәм бир ўақытта ояныўға әдетлениң, ўақтында аўқатланың ҳәм ашық ҳаўада сейил етиўди умытпаң);
  • үйге тапсырманы соңғы мүддетке шекем қалдырмай, ўақтында орынлаң;
  • сабақ таярлағанда әпиўайыдан баслап, кейин қурамалыға өтиң;
  • уйқыңызды қандырың;
  • дурыс аўқатланың, кешки аўқатты жатардан кеминде 2 саат бурын жең;
  • тапсырмаларды орынлаў ҳәм дем алыў ортасындағы тең салмақлықты сақлаўды үйрениң;

Ҳәр күни күн даўамында жақсы кейпиятта болыў стрессли жағдайлардан қутылыўға жәрдем береди, сондай-ақ, денсаўлығыңызды кеселликлерден қорғаўға мүмкиншилик береди.

Aldıng’ı Keyingi