Психологиялық консультация дегенимиз не?
Жас өспиримлик дәўиринде өзин аңлаў ҳәм өмирдеги жолын таңлаў оғада әҳмийетли болып табылады. Психологқа мүрәжат етиўдиң ең көп ушырасатуғын себеплеринен бири – өзин түсиниў, қызығыўшылықлары ҳәм имканиятлары ҳаққында көбирек билиў, сондай-ақ, кәсип таңлаўы саналады. Бул– ержетиўдиң әпиўайы басқышы ҳәм егер гүманлар ҳәм қыйыншылықлар пайда болса, қәнигеге мүрәжат етиў – өз мақсетлерин түсиниўге қаратылған әжайып қәдем таслаў болып есапланады.
Ата-анаңыз жәрдеминде керекли болған психологды табыўыңыз, сондай-ақ, ғәрезсиз түрде де исеним телефоны арқалы қәнигелерге мүрәжат етиўиңиз мүмкин (байланыс мағлыўматлары мақаланың ақырында келтирилген).
Психологиялық консультация – бул профессионал түрде шөлкемлестирилген сәўбет болып, онда сиз өзиңиздиң уўайым- тәшўишлериңизди бөлисиўиңиз, қоллап-қуўатлаў алыўыңыз ҳәм қыйын мәселелерди шешиўдиң жаңа жолларын табыўыңыз мүмкин. Психолог сизге жағдайға басқа тәрептен қараўға жәрдем береди, сиздеги күшли тәреплер ҳәм қәсийетлерге таянған ҳалда шешимлерди усыныс етеди.
Егер, жеке өзи менен ушырасыў имканияты болмаса, консультацияны аралықтан турып – телефон яки интернет арқалы өткериўге болады. Әҳмийетлиси, консультациялар аноним түрде болыўы мүмкин ҳәм сиз қәнигеге қайсы мағлыўматларды айтыўды өзиңиз шешесиз.
Koнсультация қалайынша өтеди?
Koнсультация әдетте төмендеги басқышларда өтеди:
- Taнысыў. Психолог сизди тыңлайды ҳәм тәшўишлендирип атырған ҳәм тынышсызланыўға салып атырған нәрселерди билип алады. Бул сиздеги эмоциялар, пикирлер яки додалаўды қәлеген ҳәр қандай өзгерислер болыўы мүмкин.
- Жағдайды додалаў. Психолог пенен биргеликте қыйыншылықлар пайда болыўының себеплерин талқылап аласыз. Бул басқышта сиз эмоционаллық жақтан қоллап-қуўатлаў алыўыңыз ҳәм машқаланы қәйтип шешиў бойынша жаңа жолларға ийе болыўыңыз мүмкин.
- Реже дүзиў. Психолог сизге жағдайыңызды жақсылаў ушын әмелий режелерди ислеп шығыўға жәрдем береди. Бул эмоционал қыйыншылықлардан қалайынша қутылыў ҳаққындағы әмелий усыныслар яки мәсләҳәтлер болыўы мүмкин.
- Жуўмақлаўшы басқыш. Сессияның жуўмағында психолог сизге усыныс етилген ҳәрекетлерди және бир мәрте көрип шығыўыңызға ҳәм оларды қалай әмелге асырыў бойынша түсиникке ийе болыўыңызға жәрдем береди.
Koнсультацияда нелер ҳаққында айтыўға болады?
Психолог сизиң сезим-туйғыларыңыз, пикирлериңиз ҳәм жобаларыңыз ҳаққында сораўлар бериўи мүмкин. Ол сизге берилген жуўапларды баҳаламайды, себеби, барлық сезим-туйғылар керек ҳәм әҳмийетке ийе. Бул орында өзиңизди тәшўишке салып атырған ҳәмме нәрселерди надурыс түсиниўлеринен қорқпай, ашық-айдын айтыўыңызға болады.
Усыны ядта сақлаң, консультация даўамында сизге қызық болған ҳәр қандай сораўларды бериўиңиз мүмкин, ҳәттеки олар сизге әжептәўир ҳәм қолайсыз түйилген болса да. Егер бул сиз ушын қаншама керек болса, психолог ушында оғада әҳмийетли болады.
Қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006
- «Инсан» социаллық хызметлер орайлары: +998 71 2395920
Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы: +998 71 281-50-17