stress.jpg

Стрессти жеңип ѳтиўдиң нәтийжели усыллары

Стресс деп адамның сыртқы тәсирлерге тәбийий реакциясына айтылады. Жоқары стресс дәрежеси тәшўишлениў, шаршаў ҳәм кѳплеген кеселликлердиң пайда болыўына себепши болыўы мүмкин. Сол ушын стрессти жеңип ѳтиўге жәрдем беретуғын әдетлерге үйрениўимиз керек.

  • Бәрқулла жақсы кейпиятта болыўға ҳәрекет қыл. Жақсы кейпият кѳпшилик кеселликлердиң алдын алыўға жәрдем береди.
  • Физикалық шынығыўлар да кескинликти кемейтиўге жәрдем береди. Егер сенде машқала яки унамсыз жағдайлар болса, себебин анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли жоба дүзип шық. Олардан тек ғана усы усыл менен қутылыўға болады.
  • Күтип үйрен.
  • Жақсы музыка – стресске қарсы ең жақсы дәрилерден бири. Қуўанышлы мотивтеги музыкаларды кѳбирек таңла.
  • Егер сени қорқыныш, қызғаныш, түсинбеўшилик, қәҳәрлениў сезими басса, ѳзиңе жақын адамлардан жәрдем сораўға тартынба.
Aldıng’ı Keyingi