vesi2.jpg

Стресс ҳәм салмақтың өзгериўи арасында қандай байланыс бар?

Стресс денсаўлыққа унамсыз тәсир етеди. Ҳәдден тыс уўайым салмақ қосыў ямаса салмақтың азайыўына алып келиўи мүмкин.

Стрессте болған адамлардың көпшилиги артықша аўқатланыўға бейим болады, ал гейпараларының, керисинше, иштейи жоғалады. Бул, сондай-ақ, стресстиң даўам етиў ўақты ҳәм организмниң өзгешеликлерине байланыслы.

Биз қысқа мүддетли стрессте болғанымызда (жумыс, мектеп ҳәм т.б. себепли) жумыслар менен жүдә бәнт болып, түсликти өткерип жибериўимиз ямаса жүдә кеш жатыўымыз мүмкин. Бундай жағдайда стресс гормоны, адреналин бөлинип шығып, ол қысқа ўақыт ишинде зат алмасыў процесин тезлестиреди. Стресстиң күши сизди басқа ҳеш нәрсе ҳаққында ойламаўға мәжбүрлейди. Бул сизиң аўқатланыў тәртибиңизге де тәсир етиўи мүмкин. Стресске дус келгениңизде, ашлықты сезбеўиңиз яки аўқатланыўды улыўма естен шығарыўыңыз мүмкин, ал бул жағдай салмағыңыздың кемейиўине алып келеди.

Сондай-ақ, жийи-жийи ҳәм узақ ўақыт стрессте болыў гормоналлық системаның надурыс ислеўине алып келеди. Организм әдеттен тыс жағдайдың бираз ўақыттан берли даўам етип атырғанын аңлап, оған қарсы гүреске «аўыр артиллерия»ны пайдаланыўды мақул көреди, бул жерде стресс гормоны – кортизол тийкарғы қуралға айланады. Кортизолдың ең унамсыз кери тәсирлериниң бири бул иштейдиң ҳәдден тыс артыўы ҳәм зат алмасыўдың кескин пәсейиўи. Солай етип, өзимиз сезбеген ҳалда, узақ даўам еткен стресс ўақтында биз салмақ жыйнаўды баслаймыз.

Соның ушын да, күнделикли турмыста стрессти азайтыўға ҳәрекет етиў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бул қосымша салмақ қосыўға ямаса тосаттан салмақ жоғалтыўға алып келиўи мүмкин, ал бул ҳәр қандай жағдайда денсаўлыққа кери тәсир етеди.

Aldıng’ı Keyingi