09.Me and my education-05

Физикалық күш жумсамастан буллингден өзиңизди қалайынша қорғаўыңыз мүмкин?

Буллинг жағдайларында физикалық жақтан қарсылық көрсетиў ҳәрдайым да ең жақсы шешим емес. Буллер  (басқаларға зорлық көрсететуғын шахслар усылайынша аталады) көбинесе әззи, урыспайтуғын, жәнжеллесиўге  укыбы жоқларды таңлайды. Көпшилик буллерлер агрессия ҳәм жәнжеллерден заўық алады. Олар даў-жәнжеллер бойынша көбирек тәжирийбеге ийе болады, жәбирлениўшилер болса бундай жағдайлардан қашыўға ҳәрекет етеди. Соның ушын да физикалық жақтан қарсылық көрсетиўге урыныўлары, әсиресе, күшлер тең болмағанда, жеңилиске алып келиўи анық.

Егер физикалық күш пенен жуўап бериўге қарар етсеңиз, жағдайдың жаманласыў итималы жоқары болады.  Ҳәттеки, сиз жеңиске ериссеңизде, бул жағдайды және де аўырластырыўы мүмкин.

Не ушын бул жағдайда физикалық күш көрсетиў жәрдем бермейди?

  1. Буллер сизди айыплаўға урыныўы мүмкин. Ол жәнжелди баслаған адам сыпатында сизди атап өтип, гүўаларды оның версиясын қоллап-қуўатлаўға исендириўи мүмкин.
  2. Қарсы агрессия қәўпи асады. Буллер досларын шақырып, өш алыўға ҳәрекет етиўи мүмкин, бул болса жәнжелди еле де күшейттириўге алып келеди. Ақыбетинде, күш көрсетиў мектептен шығарып жибериў, жарақатлар яки ҳуқықты қорғаў органларының араласыўына алып келиўи мүмкин.

Күш көрсетиў ҳаққында хабар бериў не ушын әҳмийетли?

Егер физикалық жақтан күш көрсетиў зорлығына дус келсеңиз бул ҳаққында әлбетте, жасыүлкенлерге– ата-ана, муғаллим яки мектеп психологына айтып бериң. Мектеп бундай жағдайларды көрип шығыўы ҳәм шара көриўи шәрт. Үйде болса, қәўипсизлигиңиз ушын ата-анаңыз жуўапкер ҳәм олар сизге зыян жеткерилгени туўралы билиўи керек. Ҳақыйқый зорлық көрсетиў жағдайларында  қадағалаўдан шығып кетпеўи ушын ишки ислер органларына мүрәжат етиў лазым.

Альтернативалы стратегиялар

Чеклериңизди исеним менен белгилеўге ҳәрекет етиң, провокацияларға берилмең ҳәм досларыңыз арасынан қоллап-қуўатлайтуғынларды излең. Буллингтиң алдын алыў менен шуғылланатуғын мектеп топарларына мүрәжат етиң, әне сонда өзиңизди жалғыз деп сезинбейсиз..

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?                                  

Өзбекстандағы исеним телефонлары

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006 яки +998 71 202-09-09 (дүйшемби – жума күнлери саат 09:00 ден 18:00 ге шекем)
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары, балалар ҳәм жас өспиримлер ушын психологиялық жәрдем хызмети: +998 71 2395920
  • Республика «Шаңарақ» орайы: +998 71 200-00-00
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы:+998 71 232-38-25
  • Балалар ушын исеним телефоны: +998 71 233-99-44
  • Зәрүр жағдайларда  ишки ислер органларына яки «102» қысқа номери арқалы қоңыраў етиў усыныс етиледи.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi