анестезия.jpg

Шаншыўдан қорқыўды қалай тоқтатыўға болады?

Шаншыў ҳаққында ойласаң қорқыныш баса ма? Бул тек сенде емес! Буннан кѳпшилик адамлар қорқады, себеби оның ушындағы ийне адамда қорқыныш оятады.

Ендиги мәрте шаншыў қылатуғын ўақытта тѳмендеги мәсләҳәтлерге әмел ет:

  1. Күтип турғанда дыққатыңды басқа нәрселерге алаң қыл. Жаныңа ишинде ойынлар, видео бар телефон яки китап алып жүр, яғный күтиў бѳлмесинде отырғаныңда шаншыўды ойламай, дыққатыңды басқа нәрселерге бѳлиўиң керек.
  2. Ойыңды бир жерге жәмлеп, терең дем ал. Қарныңды толтырып дем ал. Терең дем алыў босасыўыңа жәрдем береди, ал ойыңды басқа нәрселерге жәмлеў дыққатыңның шаншыўдан басқа нәрселерге бѳлиниўине жәрдем береди.
  3. Дыққатыңды бѳлмениң ишиндеги нәрселерге қарат. Картина, постер яки дийўалдағы кестелерге қара. Ҳәр бир деталға дыққат пенен қара, мысалы, егер картинаға қарап турсаң, онда сүўретленген бағдағы гүллерди, сыйырларды санаўға, атызларға ҳәм басқада нәрселерге нәзер салыўға ҳәрекет ет. Дийўалдағы плакаттағы саламатлық ҳаққындағы мағлыўматлардың ѳзиңе пайдасы ҳаққында ойла. Қулласы, дыққатыңды шаншыўдан басқа қандай да бир нәрселерге қарат.
  4. Жѳтел. Изертлеўлер нәтийжеси шаншыў ўақтында бир яки еки рет жѳтелиў айырым адамларда аўырыўды кемейтиўи мүмкин екенлигин кѳрсетпекте.
  5. Шаншыў исленген орынға күш түсирме. Егер қорықсаң, әсиресе шаншыў исленетуғын орынды күш пенен қатты усласаң аўырыў күшейиўи мүмкин. Гейде, шаншыўдан соң адамлардың мийи айланып, талып қалыўы да мүмкин. Егер ѳзиңди жаман сезсең, отырып яки жатып бир неше минут дем ал.

Шаншыўдан алдын ѳзиңди жаман сезсең буны шыпакер яки мийирбийкеге айтыўға тартынба. Медицина хызметкерлери адамлардың шаншыўдан қорқатуғынлығына кѳнликкен ҳәм олар ѳзиңди жеңил сезиўиңе жәрдем береди.

Aldıng’ı Keyingi