scale.jpg

Эмоционаллық интеллект: ѳзиңдеги ҳәм ѳзгелердеги эмоцияларды түсиниўге қалай үйренсе болады?

Кейинги ўақытлары «эмоционаллық интеллект» термини барған сайын жийи гезлеспекте.

Бул не мәнини билдиреди?

Психологлар ол ҳаққында жүдә кѳп пикирлерге ийе, бирақ улыўмаластырып айтқанда, бул адамның ѳз эмоцияларын айырып билиўи ҳәм басқарыўы, ѳзгелерди түсиниў уқыбы. Айырым адамларда бул жақсы қәлиплескен, ал айырымларында тѳменирек.

Кѳбинесе, адамлардың эмоционаллық интеллект дәрежесин арнаўлы сынақларсыз анықлаўға болады. Яғный, кимде бул уқып жоқары болса, ол адамларды ѳзине тарта алады. Бундай адамлардың жанында болыў кеўилге жағымлы, олар досларша мәмиледе, мийримли ҳәм дүньяға позитив кѳз-қараста болады. Ал, эмоционаллық интеллекти тѳмен раўажланған адамлар жабық, турпайы ҳәм ашыўшақ болып кѳринеди.

Эмоцияларыңды жеңип ѳтиўиң ушын оларды дурыс анықлап ҳәм түсиндирип билиўиң керек. Мысалы, қандай да бир эмоцияларды басыңнан кеширген пайытта күнине бир неше мәрте ѳзиңе «ҳәзир ѳзимде қандай сезим кешпекте?» ҳәм «не ушын мен буны сезип атырман?» деген сораўларды қой. Буны стрессли ҳәм кескинлескен жағдайларда ислеў айрықша әҳмийетке ийе. Сен тек ѳз эмоцияларыңды түсиниўге ҳәрекет қылғанда ғана оларды басқарып үйренесен.

Керисинше исле. Эмоциялар басқан пайытта, дәслеп ислегиң келген ҳәрекеттиң керисин исле. Мысалы, егер биреўге ашыўланып оны қапа қылмақшы болсаң, оған күлимсиреп, жақсы сѳз айт.

Басқа адамлардың қандай сезимде екенлигин түсиниўди билмей турып, олар менен жақсы қарым-қатнас орнатыў мүмкин емес. Ең алды менен ѳзиңе «Мен киммен?» деген ҳәм кейин «Менде қандай сезимлер кешпекте» деген сораўларды қой. Адам ѳзин түсиниўге, эмоцияларын ажыратып билиўге үйрениў керек ҳәм тек буннан соң ғана әтирапындағылардың сезимлерин анализлеў керек.

Aldıng’ı Keyingi