ruhiy.jpg

Эмоцияларыңды қалай басқарып үйрениўге болады?

Эмоциялар бәрқулла, ѳмирдеги барлық жағдайларда бизлер менен бирге болады. Гейде, жүдә кѳп эмоцияға себеп болатуғын жағдайлар болып турады, ҳәттеки эмоцияларды басқарыў мүмкиншилиги болмай қалады. Кейинги ўақытлары эмоционаллық интеллект ҳаққында кѳп айтылмақта. Эмоционаллық интеллект бул адамның ѳзиниң яки ѳзгелердиң эмоцияларын танып билиў, оларды қадағалаў ҳәм басқарыў кѳнликпелери.

Эмоцияларымызды қалай басқарып үйрениўге болады?

  • Болып атырған ўақыялардан шетке шығыў. Егер басқа адам ѳзиниң наразылығын, ашыўын, жаман кейпиятта екенлигин кѳрсетсе, ол адамға да сондай жуўап қайтарғымыз келеди. Бирақ, бундай ўақытта қапа қылатуғын сѳзлерге итибар бермей, эмоцияларымыз ѳзимизден үстем болыўына жол қоймаўымыз керек. Дыққатыңды басқа нәрселерге қарат, ол жерден кетип қал. Адамның ѳзин басып алыўына ўақыт бер, кейин қайтадан сѳйлесиўге ҳәрекет ет.
  • Ѳзиңди исендириў. Айырым ўақытлары адамды ғәзеп басады ҳәм бундай пайытлары ѳзимизди тез тынышландырып, ѳзлеримизге келиўимиз қыйын болады. Машқалаға басқа тәрептен нәзер салып кѳр. Бул жағдайды, турмыста бастан кеширилетуғын және бир тәжирийбе деп ойла. Жүзеге келген жағдайларды жеңип ѳтиў, адамның күшлирек болыўы ҳәм иштеги жигердиң қәлиплесиўине жәрдем береди.
  • Тәнепис. Бундай пайытта, мийди иске салып не болғанын, не ушын ѳзиңди бундай тутып атырғаныңды ойланып кѳриўиң керек. Кейин, бундай жағдайда не ислеген жақсы болатуғыны ҳаққында бир шешимге кел ҳәм соңынан ғана ҳәрекет исле.
  • Терең дем алыў. Бул усыл ҳақыйқатында да жәрдем береди. Дем алыў босасыўға, жағдайдан дыққатыңды алаң етиўге ҳәм ѳзиңе келиўиңе жәрдем береди. Иште жеңиллик сезиў ушын бир неше минут даўамында терең дем алыўдың ѳзи жеткиликли.

Спорт пенен шуғылланыў. Кѳпшилик адамлардың ѳзлериндеги негатив эмоцияларды боксшилер қалтасын урыў, йога, аяқ ойынлар яки аэробика арқалы шығарып таслайтуғынлығын кѳриўимизге болады. Спорт тек ғана физикалық саламатлықты емес, ал руўхый саламатлықты да жақсылаўға жәрдем береди. Ҳәттеки, азанғы шынығыўлар да күш-қуўат ҳәм жақсы кейпият инам етеди.

Aldıng’ı Keyingi