brilliant.jpg

Ѳзиме баҳа бергенде қандай қәтеликке жол қояман?

Жынысый жетилисиў бул әлбетте қыйын дәўир есапланады. Буған бир неше себеплер бар. Деген менен олардың бәри де ѳспиримлик ѳтиў дәўири менен байланыслы емес.

Ѳзине ѳзи баҳа бергендеги машқалалар — жас ѳспиримлик дәўирдеги (ѳмирде де) ең үлкен машқала. Егер қыйналсаң, ѳзиңдеги бул жағдайды жеңип ѳтиўдиң усылларын табыўың керек.

Егер ишки даўысың бәрқулла ѳзиңди сынға алатуғын болса, жағдайды ѳзгертиўге жәрдем беретуғын қандай да бир нәрсе ислеўиң керек. Егер буны итибардан шетте қалдырсаң, буның ақыбетинде жәмийеттен жекеленип, жабық болып қалыўың мүмкин. Ҳәттеки оқыўыңды таслап, досларың менен араны үзиўиңе де алып келиўи мүмкин. Сондай-ақ, аўқатланыўыңның бузылыўына ҳәм ѳзиңе ѳзиң зыян келтириўиңе де себеп болыўы мүмкин.

Ѳз-ѳзиңе тѳмен баҳа бериў қалай пайда болады? Биринши себеби бул ѳзиңе ҳәдден тыс жоқары талап қойыў. Әлбетте, жоқары шоққыға умтылыў, мысалы, елди басқарыў яки техника илиминде уллы дана болыў тилеги бул жақсы нәрсе, бирақ ҳақыйқый ѳмирде бул мақсетлериңе ерисиў шексиз узақлықта болса, сен стресс жағдайына түсесең. Иштеги демиңди шығарып, ѳзиңди босастыр. Ҳәзирги ўақытта ерисип атырғанларың ең жақсы жетискенликлер есапланады.

Егер түскинликке түссең, ѳзиң исенген адам менен сәўбетлес. Мысалы, әжапаң, анаң, әкең, апаң, достың яки мектептеги психолог пенен. Ўақыттың ѳтиўи менен машқалаларыңды ашық-айдын адамларға айтып бериў арқалы ѳзиңе деген исенимиң артады ҳәм бул машқалалар жүдә бир үлкен әҳмийетке ийе емес екенлигин түсинип баслайсаң. Физикалық шынығыўлар организмде эндорфинлер муғдарын асырып, кейпиятыңды кѳтеретуғынлығы ҳаққында билесең бе? Бул ҳақыйқат ҳәм оны әмелге асырыўдың әйне ўақты келди!

Aldıng’ı Keyingi