Қайғыланыў ҳәм қорқынышлар: сени не нәрсе тәшўишке салмақта?
Ѳзиңде қандай да бир күшли сезимлер биринши мәрте кешкен пайытта бул сени қорқынышқа салыўы мүмкин. Мысалы, қандайда бир стресс жағдайларға түскенде күшли тынышсызланыў қалтыраў, қорқыў, жүректиң тез соғыўы, терлеў ҳәм басқа да басқарыў қыйын болған ѳзгеше сезимлер кѳринисинде болады. Бул сезимлерди жеңип ѳтиў ушын, анық сени не нәрсе тынышсызландырғанын анықла. Бәлким, буның себеби алдыңда күтип турған имтиханлар, досларың менен қарым-қатнасың яки ата-анаң менен келиспеўшиликлер болыўы мүмкин.
Буны анықлаў биз ойлағандай аңсат емес, бирақ жүдә зәрүрли: себеби бундай тынышсызланыўлар дыққатты жәмлеўдиң бузылыўына, уйқысызлыққа, ҳәттеки әтирапыңдағылардан ҳәм туўысқанларыңнан ѳзиңди шетлетиў сезимине де алып келиўи мүмкин.
Егер бир неше күн даўамында ѳзиңде қапалықты сезсең, бул, сен бәрқулла қапаланып жүресең дегенди билдирмейди. Ѳзиң ислеген ислерге яки ис-ҳәрекетиңе ѳкинген ўақтыңда ѳзиңе ашыўланба. Ѳз қәтеңнен жуўмақ шығарып үйрениў, ѳзгертип болмайтуғын ѳтмиштеги ислеген ислериң ушын ѳзиңди бәрқулла айыплағаннан кѳре жақсырақ.
Егер ѳзиңди тутып тура алмаған жағдайлар болса, кеширим сора ҳәм алға қарай ҳәрекет ете бер. Дүньядағы ең ақыллы адамлар да кѳпшилик ўақытта ѳзлери түсинбеген ҳалда сѳйлеўи, айырым ўақытлары ҳәттеки ақылға уғрас келмейтуғын шешимлерди де қабыллаўы мүмкинлигин есте сақла. Инсанның тәбияты солай жаралған.
Жас ѳспиримлик дәўирде (10-18 жас), адамлар «ѳзин аңлаў»ға ҳәрекет етиў қәсийетине ийе болады. Сол себепли, сен де айырым ўақытлары кейнинен ѳзиң ѳкинетуғын ис-ҳәрекетлер ислеўиң мүмкин. Жийи қәтеликлерге жол қоймаў ушын ѳзиңди түсинип жетиўиң, шешим қабылламастан алдын ҳәм ис-ҳәрекет ислеместен алдын оларды жақсылап қайта ойлап кѳриўиң зәрүр.
Жынысый жетилисиў дәўиринде ѳзиңе ѳзиң баҳа бериўде қыйыншылыққа дус келиўиң мүмкин. Мийиңде ѳзгерислер жүз бергенде, ѳзиңдеги толқынланған эмоциялар ѳзлигиңди аңлаў, қандай жақсы тәреплериң бар екенлигин, ѳзиңди қалай тутыўың кереклигин анықлаў процесин қыйынластырыўы мүмкин.
Ѳзиңдеги сезимлерди толық түсинип жетиў ушын ең жақсы усыллардан бири бул турақлы түрде күнделик жүритиў ҳәм ол жерге ҳәзирги пайытта сени не нәрсе тынышсызландырып атырғанлығын толық сүўретлеп жазып барыў. Ѳзиңниң кеширмелериңди ѳзиң исенген адамларға – достыңа, туўысқаныңа, мектептеги психологқа яки педагогқа айтып берсең болады.
Тек ғана басланыўында қыйынырақ болады. Ўақыттың ѳтиўи менен сен эмоцияларыңды басқарып үйренесең. Ѳзиңе жақын адамлар менен сәўбетлесиў эмоционаллық аўырманлықты бир қанша жеңиллестиретуғынлығын есиңде сақла!