Қалайынша өзине исенимди раўажландырыў ҳәм буллинг пенен гүресиў мүмкин?
Өзиңизге шыдамлырақ ҳәм исенимлирек болыў ушын анық белгили сыпатларды турақлы түрде шынығыў етиў керек. Киши қәдемлерден баслаң:
- Өз шегараларыңызды қорғаўды үйрениң. Өзиңиз ушын әҳмийетли болған шегараларды анықлап, оларды қорғаўды үйрениң. Басқаларға сиз ушын не нәрселер қабыллаўға турарлық екенлигин белгилеўге жол қоймаң. Егер қандай да бир нәрсе сизге қолайсызлық туўдырса яки унамаса, бул ҳаққында ашық ҳәм анық түрде билдириң.
- Қоллап-қуўатлаўды сораўдан тартынбаң. Өзиңе исенимли болыў– ҳәмме нәрсени жеке ҳалда орынлаўыңыз керек екенлигин аңлатпайды. Жақын адамларыңыз, ата-анаңыз ямаса муғаллимлер менен сәўбетлесиў сизге күш ҳәм ғайрат береди ҳәм де өзиңизди исенимлирек сезиниўиңизге жәрдем береди.
- Kүшли тәреплериңизди анықлаң. Қай тәреплеме екенлигиңизди билиўиңиз әҳмийетли ҳәм бул басқалардың пикирине байланыслы емес. Қайсы тараўда жақсы нәтийжелерге ерискен болсаңыз, сол тараўды еле де раўажландырың ҳәм жетискенликлериңизди беккемлең.
- Қәтелериңизди қабыл етип алың. Қәтелер — бул әдеттеги жағдай. Ҳәр сапары қандай да бир нәрсе әмелге аспағанында, үйрениў ҳәм жақсыланыў имканиятына ийе боласыз.
- Өзиңизди басқаларға салыстырмаң. Ҳәр бир инсанның өз жолы бар. Басқалардың ислеген жумысларынан көре өз табысларыңызға итибар бериў әҳмийетли болады.
Қоллап-қуўатлаў ҳәм өзиңизге исеним
Өзиңе исеним — дәрҳал пайда болатуғын нәрсе емеслигин есиңизде сақлаң. Бул әсте-ақырын раўажланатуғын көнликпелер есапланады. Кишкене жумыслардан баслаўыңыз мүмкин — ҳәр күни жаңа нәрселерди сынап көриң, ҳәттеки олар қыйын яки қорқынышлы түйилсе де. Ўақыт өтиўи менен өзиңизге исенимиңиз артып, күшлирек болып атырғаныңызды сезесиз.
Исеним тек ғана өз ҳәрекетлериңиз арқалы емес, бәлким басқалардың қоллап-қуўатлаўы арқалы да беккемленеди. Исенимли дослар яки сиз исенген жасыүлкен инсанлар менен сәўбетлесиң.
Басқалардың қоллап-қуўатлаўы сизге өз исенимиңизди тезирек тиклеўге ҳәм буллинг бенен гүресиўге жәрдем береди. Ҳеш ким бундай жағдайлардан жалғызлықта өтиўге мәжбүр емес.
Өзиңизге исеним — бул сизиң қалқаныңыз ҳәм ол беккем болғанда, агрессорлар тәрепинен сизге тәсир етиў имканияты азаяды.