Қашан психологқа мүрәжат етиў керек?

Егер өзиңизде эмоцияларыңыз ямаса минез-қулқыңызда кескин өзгерислерди байқаған болсаңыз ҳәм қыйыншылықларды жеңип өтиўдиң әдеттегидей усыллары нәтийже бермей атырғанлығын сезсеңиз, бул жәрдемге мүтәж екенлигиңизден дерек болыўы мүмкин. Төменде итибар қаратыў керек болған бир неше белгилер келтирилген:

  • Уйқы менен байланыслы машқалалар: түндеги ояныўлар яки уйқылап қалыў алдындағы қыйыншылықлар.
  • Жалғыз қалыўды абзал көриў, досларың ҳәм жақын адамларың менен пикирлесиўден қашыў.
  • Үйде шаңарағыңыз ағзалары ҳәм жақын адамларыңыз бенен жәнжеллесиўлер тез –тез пайда болады яки керисинше сәўбетлесиўлерден ҳәм миннетлемелерден қашасыз.
  • Өзиңизде ғамқорлық етиў нийетиниң жоғалыўы: гигиенаға әмел етпеслик, тәртипсиз көринис.
  • Tәртипти сақлаў нийетиниң жоқлығы: xанаңызды тазалаў ямаса үй жумысларын ислеўге қыйналыў яки қәлемеўшилик.

Kүшли эмоциялар: турақлы тынышсызланыў яки қорқыў, апатия, руўхый түскинлик, уўайым-қайғы сезими, қадағалаўсыз ашыўланыў яки тосаттан күш ҳәм зорлық көрсетиў, унамлы сезим  -туйғылардың жоқлығы, турақлы уўайым-қайғылы пикирлер.

  • Өз күшиңизге исенимсизлик яки жәрдемге мүтәжлик сезими.
  • Oрганизмдеги өзгерислер: бас аўырыўы, жүрек соғыўының тезлесиўи, асқазан аўырыўы.

Егер бир ҳәпте яки оннан көбирек ўақыт даўамында бул жағдайлардан ғәрезсиз рәўиште шығып кете алмай атырғанлығыңызды сезсеңиз, психологқа мүрәжат етиўиңиз керек. Бул ҳаққында ата-анаңыз, муғаллимиңиз ямаса мектеп психологы менен мәсләҳәтлесиўиңиз мүмкин. Сондай-ақ, төмендеги телефон номерлери арқалы жәрдем алыўыңыз мүмкин:

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006 яки +998 71 209 (дүйшемби – жума күнлери саат 09:00 ден 18:00 ге шекем)
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары, балалар ҳәм жас өспиримлер ушын психологиялық жәрдем хызмети: +998 71 2395920
  • Республика «Шаңарақ» орайы: +998 71 200-00-00
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы:+998 71 232-38-25

Балалар ушын исеним телефоны: +998 71 233-99-44

Aldıng’ı Keyingi