Ҳәдден тыс азғынлық, анорексия ҳәм олардың ақыбетлери
Анорексия невропсихикалық кеселлик болып, бунда адамға азыў ҳаққындағы ой мудамы тыным бермейди ҳәм ол салмақ арттырыўдан қорқады.
Анорексияның тийкарғы белгилери:
- қалай болмасын азыў тилеги;
- салмақ арттырыўдан қорқыў;
- азық-аўқатқа байланыслы тынымсыз пикирлер (диета, калорияларды есаплаў әдети);
- аўқаттан жийи бас тартыў ҳәм аўқат жөнинде ҳақыйқатлықты жасырыў (баслы сылтаўлар: «Мен ҳәзир аўқатландым», «Мен аш емеспен», «Иштейим болмай тур»);
- өзине тән әдетлер (мәселен, дым майдалап шайнаў, «түртип жеў», жүдә кишкене ыдыслардан пайдаланыў);
- аўқаттан кейин өзин айыплы сезиў ҳәм уўайымлаў;
- байрамлар ҳәм ҳәр қыйлы илажлардан қашыў;
- ҳәдден тыс көп спорт шынығыўлары;
- тек өзиниң жолын дурыс деп билиў;
- уйқының бузылыўы;
- етек келиў циклин тоқтатыў ямаса оның бузылыўы;
- түскинликке түсиў;
- өз өмири үстинен қадағалаўды жоғалтыў сезими;
- дене салмағының тез азайып кетиўи (жас нормасына салыстырғанда 30% ямаса оннан да артық);
- ҳәлсизлик ҳәм мий айланыўы;
- турақлы тоңғақлық;
Анорексия ўақтында анықланбаса, бир қатар асқыныўларға алып келеди:
- иммун системасының бузылыўы;
- жүрек-қан тамыр кеселликлери;
- денениң суўсызланыўы;
- таяныш-ҳәрекет системасы менен байланыслы мәселелер (остеопороз);
- перзентсизлик;
- қан кеселликлери (анемия);
- ас сиңириў системасы кеселликлери, асқазан ҳәм ишек жаралары;
- миокардтың, бүйреклердиң ҳәм баўырдың аўыр зыянланыўы;
- мий айланыў, талып қалыў, бас аўырыўлары;
- дистрофия;
Сиз ямаса сизиң досларыңыз сизде бундай машқала бар екенлигин улыўма түсинбеўиңиз ҳәм мойынламаўыңыз мүмкин. Гейде бул кеселликти басқалардан жасырыўға да болады. Бирақ, егер анорексияны тийисли дәри-дәрмақлар, психиатриялық усыллар менен ўақтында емлеўди басламасаңыз, керек болса емлеўханада жатып емленбесеңиз, бул сиз ҳәм сизиң денсаўлығыңыз ушын қайғылы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Сонлықтан да, анорексияның дәслепки белгилеринде ата-аналар ҳәм өзиңиз исенетуғын жасы үлкенлерден жәрдем сораў ямаса шыпакерге (психотерапевт) көриниў күтә әҳмийетли болып табылады.