01.Mental Health-22

Өзиңизди бақлаўшы яки аңлыйтуғын адамнан қалай қорғаныўыңыз мүмкин: мәсләҳәтлер ҳәм әмелий қәдемлер

Сталкинг — бул биреў сизди турақлы түрде бақлаў, аңлыў яки түрли жоллар менен қолайсызлық туўдырыў процеси болып, ол сизиң жеке еркинлигиңиз ҳәм тынышлығыңызға қәўип туўдырады. Бундай жағдайларда қәўипсизлигиңизди тәмийинлеў әҳмийетли болады. Төменде бундай жағдайларда өзиңизди қорғаўда жәрдем беретуғын бир неше әмелий усыныслар келтирилген:

  1. Өзиңизди қорғаўды үйрениң. Егер биреў сизди тынышсызландырып атырған болса, оның менен барлық байланысларды тоқтатың. Сталкер ( аңлыйтуғын) ди түсиниўге яки оның менен келисип алыўға урынбаң– бул көбинесе пайдасыз ҳәм оннан қутылыўды қыйынластырыўы мүмкин.
  2. Өзиңизди айыплы деп сезинбең. Бундай жағдайларда қорқыў яки ашыўланыўыңыз тәбийғый. Бундай сезим-туйғылар ушын өзиңизди айыпламаң; бул жағдай сизиң қәтелериңиз себепли емес, бәлким гүзетиўшиниң надурыс ҳәрекетлери себепли жүзеге келген.
  3. Жақын адамларыңыз бенен мәсләҳәтлесиң. Егер биреў сизди турақлы түрде бақлап жүргенин сезсеңиз, бул туўралы исенимли инсанларға— мәселен, ата-анаңыз яки жақын достыңызға хабар бериң. Олар бул жағдайда қалайынша жәрдем бериў кереклигин билип, қоллап-қуўатлайды. Қуўдалаўшылар әдетте қурбанын жеккелетиўге ҳәм оны жалғыз ҳәм өзин әззи сезиниўге мәжбүрлеўге урынады, соның ушын бундай машқалада жеке болып қалмаў оғада әҳмийетли.
  4. Қорғаў ушын жәрдем сораң. Егер бақлаўшы жақын адамларыңыз барлығын көрсе, мүмкин, қорқып өзи шекленеди. Атап айтқанда, бул инсан менен ушырасып қалыў қәўпи бар орынларда жақын адамларыңыз бенен бирге болыўыңыз сизиң қәўипсизлигиңизди тәмийинлеўге жәрдем береди. Бул арқалы өзиңизди күшли ҳәм қорғалған болып сезинесиз.
  5. Интернетте абайлы болың. Бүгинги күнде көбинесе бақлаў интернетте, атап айтқанда, социаллық тармақларда басланады. Соның ушын аккаунтларыңыздың қәўипсизлигин тәмийинлең: қурамалы парольлерден пайдаланың ҳәм еки басқышлы қорғаныўды орнатың. Жасайтуғын мәнзилиңиз, телефон номериңиз яки қай жерде жүргениңиз ҳаққында мағлыўматларды социаллық тармақларға бермеўге ҳәрекет етиң.
  6. Психолог пенен мәсләҳәтлесиң. Егер  жағдайды еркин түрде шешиў жүдә қыйын болса, мектеп психологы менен сәўбетлесиң. Мектептен сыртта психологқа  ата-анаңыз яки жақын жасы үлкенлер менен биргеликте мүрәжат етиўиңиз мүмкин.   Психологлар бундай машқалалар менен көп ислеседи ҳәм сизге шешим табыўға жәрдем береди.

Ядта сақлаң! Бул сыяқлы бақлаў ҳәм аңлыў жағдайлары сизиң айыбың емес. Ҳеш ким сизиң жеке қәўипсизлигиңизди бузыўға ҳақылы емес. Өзиңизди қорғаўдан уялмаң ямаса тартынбаң, бул сизиң ҳақыңыз!

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?

Өзбекстандағы исеним телефонлары:

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары: +998 71 2395920
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы: +998 71 281-50-17

Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиў яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı