Мениң ата-анам ажыраспақшы, шаңарағымда буған жол қойыўға болмайды – не ислеў керек?
Тилекке қарсы адамлар бир-бири менен табысады да, ажырасады да, турмыста ересек адамлардың бир-биринен ажырасыў жағдайлары да болып турады. Ѳзиңде албыраўшылық, қәўетер ҳәм қорқыныш сезими болыўы мүмкин ҳәм бул ҳаққында кимгедур айтыўға имканият таппайсаң.
Бул мақалада ата-анаң ажыраспақшы болған болса, саған жәрдем беретуғын бир неше мәсләҳәтлерди келтирип ѳтемиз:
- Сенде айып жоқ екенлигин ядыңда тут.
Қаншели қыйын жағдай болмасын, бул жерде сениң айыбың жоқ екенлигин ядыңда тут. Адамлар арасындағы мүнәсибет айырым ўақытлары жүдә шийеленискен болыўы мүмкин ҳәм ата-анаң сен себепли емес, ал ѳзлериниң арасындағы келиспеўшилик себепли ажыраспақшы болады.
- Эмоцияларыңа ерк бер.
Егер сезимлериңди сыртқа шығармай иште сақласаң, бул саламатлығыңа зыян жеткериўи мүмкин. Егер ѳзиңде усындай жағдайды сезсең, дәрҳал психолог қәнигеге мүрәжат қылыўың зәрүр.
Эмоциялар адам ѳмириниң бир бѳлеги есапланады. Саламат турмыс кешириў ушын эмоцияларды дурыс қабыллап ҳәм жеңип ѳтиўге үйрениў зәрүр.
- Стрессти жеңиўдиң жаңаша усылларын табыўға ҳәрекет қыл
Стрессти басқарыў ушын кѳплеген ҳәр қыйлы усыллар бар. Адамлар бир бирине уқсамаған, сол ушын ҳәр қыйлы усылларды кѳрип шығып, ѳзиңе пайдалысын таңлап алыўың керек.
Тѳменде ең кѳп тарқалған хобби ҳәм стрессти жеңиў усыллары кѳрсетилген:
- Йога.
- Аўқат таярлаў.
- Спорт пенен шуғылланыў.
- Досларың менен қарым-қатнаста болыў.
- Ата-анаң менен сѳйлес
Бундай ўақытлары ишиңдеги сезимлерди ата-анаңнан жасырмағаның мақул. Олардың ажырасыўы саған қандай тәсир етип атырғанын түсиниўи ушын, оларға ѳзиңде кешип атырған эмоциялар ҳаққында айтып бер. Олардың ажырасып атырғанлығынан қыйналып яки қапа болып атырғаныңды айтыўға қорқыў яки тартыныў керек емес.
- Жақын досларың менен сѳйлес
Гейде шаңарақ ағзаларынан басқа жақын адамлар менен сѳлесиў де пайдалы есапланады. Сениң ең жақын досларың саған тек жақсы нәрселерди тилейди ҳәм ѳмириңде нелер болып атырғанлығын билгиси келиўи мүмкин. Олар сениң айтқанларыңды тыңлап, сени түсинеди ҳәм саған бундай жағдайды жеңип ѳтиўиң ушын жәрдем бериўге ҳәрекет етеди.
- Психолог пенен сѳйлесиўди де ойланып кѳр.
Психолог пенен сѳйлесиў дәслеп ерси кѳриниўи мүмкин. Деген менен, сениң сѳзлериңди тыңлап, болып атырған ўақыяларды бирге талқылайтуғын адамның болғаны жүдә пайдалы болыўы мүмкин. Олар саған эмоцияларыңды жеңип ѳтиўде мәсләҳәтлер ҳәм идеялар бериўи, ишки сезимлериңди шығарыўға жәрдем бериўи мүмкин.
Ажырасыў тек ата-аналар ушын емес, ал балалар ушын да қыйын кешетуғын жағдай. Бундай жағдайларда сезимлериңди анализлеўиң, егер ѳзиңди жалғыз сезсең тийисли жәрдем алыўың оғада зәрүр!