Не себеп мен ата-анам менен ҳәрдайым жәнжеллесип тураман?
Балалық дәўирде, дүнья ҳаққында кѳп нәрсе билмеген болыўың керек ҳәм кѳпшилик жағдайларда, мысалы азанда қандай аўқат жеўиңнен баслап, жатарда кийип жататуғын кийимиңди таңлаўға дейинги мәселелерде ата-анаң сен ушын шешим қабыллаған. Бирақ ўақты келип, сен ѳсип ер жетесең ҳәм қандай кийим кийиў кереклигин ѳзиң шешиўди қәлеп баслайсаң. Жас ѳспиримлик дәўир ѳз жеке шахсыңды қәлиплестириў дәўири болып есапланады.
Түсинбеўшиликлерге не себепши болады?
Ѳсип ержетип, ѳзи шешим қабыллайтуғын басқа адам болып ѳзгериўиңе ата-анаңның кѳнлигиўи қыйынырақ кешеди. Олар еле сениң бундай басқа адам болып ѳзгергениңе бейимлеспеген ҳәм олар сени еле ѳзи шешим қабыллай алмайтуғын кишкене бала деп ойлайды.
Кѳпшилик шаңарақларда, әйне усы бейимлесиў мәселеси ата-аналар ҳәм жас ѳспиримлер ортасындағы жәнжеллердиң себепшиси болыўы мүмкин. Сен ушын ҳәр күни мектептен соң кѳшеде ўақтыңды ѳткериў бул нормал жағдай есапаланды; бирақ олар сениң спорт пенен шуғылланыўыңды, китап кѳп оқыўыңды ҳәм ўақтыңды шаңарақта ѳткериўиңди қәлейди.
Олар сени ҳүрмет етпейтуғынлығын сезип, ѳзиңе унаған нәрселер менен шуғылланыўға рухсат бермегенлиги ушын ата-анаңа ашыўланыўың мүмкин, ал ата-аналар ѳзлери шетте қалғанлығы себепли ашыўланыўы мүмкин.
Сен қандай адамлар менен досласқанлығың себепли ең қыйын мәселелер, үлкен тартыслар ҳәм түсинбеўшиликлер келтирип шығарыўы мүмкин. Ѳйткени, ата-анаң жасың нешеде болыўына қарамастан сени бәрқулла қорғаўға ҳәм қәўипсизлигиңди тәмийинлеўге умтылады.
Бундай жағдайларда не ислеў керек?
Кѳпшилик шаңарақларда, жәнжеллер бир неше жыллардан соң, ата-аналар баланың ер жеткенлигин түсингенде тоқтап баслайды. Ал ҳәзирше, ата-анаңды ҳүрмет етиўге ҳәрекет қыл. Гейде, буның мүмкиншилиги жоқ, олар сениң пикириңди ҳеш қандай түсинбейтуғын сыяқлы сезилиўи мүмкин. Бирақ, бир-биреўди түсинип сѳйлесиў, келиспеўшиликлерди сапластырыўға жәрдем бериўи мүмкин. Мысалы, сен ата-анаңа үй жумысларын ислеўде жәрдем берип, оларға бир саат кеш келиўи мүмкин екенлигин айтсаң, буннан ата-анаңның да, ѳзиңниң де кеўлиң толады.
Ата-анаң да бир ўақытлары сен сыяқлы жас ѳспиримлик дәўирди бастан кеширгенлигин ҳәм ҳәр қандай жағдайларда саған пайдалы кеңес бере алатуғынлығын ядыңда тут. Ашыўланбаўға, келиспеўшиликлерди сапластырыўға ҳәрекет ет, себеби ата-анаң сен ҳаққыңда тәшўишленип жүреди ҳәм саған бәрқулла жақсы нәрселерди тилейди.