shahmati.jpg

Туўысқанлар арасындағы неке не ушын қәўипли?

Егер некелиниўшилердиң ортасында еки тәрепке де туўысқанлық қатнасы бар адам болса, бундай неке туўысқанлар яки жақын туўысқанлар арасындағы неке деп аталады.

Туўысқанлар арасындағы некениң келешек әўладлар саламатлығына қандай қәўпи бар?

Буған жуўапты табыў ушын генетикаға жүзленемиз. Ҳәр бир адам саламат болыўына қарамастан зыянлы генлерди тасыўшы болып табылады. Бундай генлер бир экземплярда болса қәўипли саналмайды. Жақын туўысқанлардың кѳпшилик генлери бирдей болады, кѳпшилик жағдайларда олар бирдей генлерди тасыўшылар есапланады. Сонлықтан, туўысқанлар арасында неке болған жағдайда бирдей генлер бир-бирине дус келеди ҳәм балаларда патология түринде пайда болады.

Туўысқанлар арасында шаңарақ қурылған жағдайда, балалардың нәсиллик, ақылы кемлик ҳәм туўма кеселликлер менен туўылыў итималлығы еки есеге артады.

Генетикалық кѳз қарастан алғанда, арғы аталарының қаншели жақынлығы кем болса, нәсиллери де соншели жақсы болады.

Туўысқанлар арасындағы неке нәтийжесинде кѳбинесе қандай кеселликлер пайда болады?

  • Муковисцидоз – адамның ҳәр бир органында машқалалардың пайда болыў кеселлиги. Тийкарғы белгилери дем алыў ҳәм ас сиңириў органларында болады. Ѳз ўақтында емленбесе, дем алыў жетиспеўшилиги, баўыр циррозы, қантлы диабет, ҳәттеки ѳлимшиликке де алып келиўи мүмкин.
  • Гемофилия – бул кеселликте қан тийисли тәризде уйымайды ҳәм киши жарақатта яки тосаттан қан кетиў жағдайларына алып келеди.
  • Фенилкетонурия – бас мийиниң зыянланыў кеселлиги болып, ақылы кемлик, қалтыраў ҳәм психикалық бузылыўларға алып келиўи мүмкин.
  • Дальтонизм – бул кеселликте реңлерди ажыратыў уқыбының тѳменлеўи яки оннан пүткиллей айырылыў жағдайларына алып келеди.
  • Буллез эпидермолизи. Қәлеген механикалық жарақатта, ал гейде жарақат болмаса да баланың терисинде яки силекей қабатларында торсықлар пайда болып, тери түлейди ҳәм ашық жара пайда болады. Бундай кеселликке шатылған балаларды, олардың сезимтал терисин гүбелек қанатларына уқсатып «гүбелеклер» деп атайды.
  • Ихтиоз – тери қурғап қыршылады, терини жүдә кѳп қабыршақлар басып, тери жарылады. Тери балықтың қабыршағы сыяқлы түске енеди.

Булардан басқа да кѳплеген кеселликлер болыўы мүмкин, бирақ бир мақалада олардың барлығын келтирип ѳтиў имканияты жоқ. Сол ушын, туўысқанлар менен неке қурмастан алдын, кесел бала туўылғанда қандай жуўапкершиликке дус келетуғыныңыз ҳаққында ойланып кѳриң.

Aldıng’ı