Адам ѳмирин қалай узайтыўға болады?
Адам ѳмирин узайтыў мәселеси бәрқулла инсанияттың ең әҳмийетли мәселелериниң бири болған. Амстердам ҳәм Гарвард университетлери алымларының пикиринше, саламат турмыс әдетлери, турақлы түрдеги физикалық шынығыўлар ҳәм дурыс аўқатланыў адам ѳмирин шама менен 10 жылға узайтыўы мүмкин.
Изертлеў жумысларында шама менен 100 000ға жақын 50 жастағы адамлардың мағлыўматлары пайдаланылған. Изертлеў басланбастан алдын оларда ҳеш қандай кеселликлер болмаған. Олардың саламатлығы дерлик 20 жыл даўамында бақлап барылған. Изертлеўшилер, қатнасыўшылардың қайсы биринде жүрек-қан тамыры, рак яки 2-тип диабети кеселликлери пайда болғанын, жасы нешеде екенлигин ҳәм қанша ѳмир кѳргенин үйренип барған.
Нәтийжеде, қәнигелер тийкарғы бес қәўип факторын атап кѳрсеткен, яғный, бул темеки шегиў, спиртли ишимликлерди ишиў, майлы аўқатлар ҳәм қантты ҳәдден тыс кѳп қабыллаў, надурыс аўқатланыў режими ҳәм физикалық белсендиликтиң тѳменлиги. Дене массасы индекси тийкарында артықша есапланған салмақ та әҳмийетли саналады.
Дурыс аўқатланыў, физикалық белсендилик, темеки ҳәм спиртли ишимликлерден бас тартыў, салмағын қадағалаў сыяқлы саламат турмыс әдетлерине ийе ҳаяллар орташа 84,4 жыл ѳмир кѳрген. Бул қағыйдалардың ҳеш бирине әмел етпеген ҳаяллар 73,7 жыл жасаған. Ал, ер адамларда бул кѳрсеткишлер 81,1 ҳәм 73,5 жылды қураған.
Ең баслысы, адам организми кеселликлердиң раўажланыўын жеңип үйрениўи тийис. Себеби, кѳпшилик ўақытта адамларда ѳлимшилик жағдайлары қартайыў себебинен емес, ал кеселликлердиң ақыбетинде жүз береди. Егер рак ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлерин түптен жоқ қыла алғанымызда, орташа ѳмир кѳриўди және 10-11 жылға узайтқан болар едик.
Буннан тысқары, ҳәзирги күнде илимпазлар адам ѳмирин узайтыўдың жаңа түрлери ҳәм усылларын изертлемекте. Булар қатарына асқазан-ишек тракты ҳәм қандағы зәҳәрли затларды диета жәрдеминде тазалаў усылы бойынша басланған экспериментлер киреди.