Апостиль дегенимиз не ҳәм ол не ушын керек?
Ҳәр бир мәмлекетте дүзилген ҳүжжеттиң ҳақыйқый екенлигин тастыйықлаў ушын ҳүжжетке апостиль деп аталыўшы арнаўлы штамп басылады.
Апостиль бул, ҳүжжетти тастыйықлаў ушын қойылған лаўазымлы шахстың имзасының, мѳр ҳәм штамптың ҳақыйқый екенлигин тастыйықлаў мақсетинде сырт еллерде рәсмий ҳүжжетлерге қойылыўшы арнаўлы штамп.
Бул тәртип халықаралық ҳуқықый актлерде, сондай-ақ сырт еллердиң рәсмий ҳүжжетлерин легалластырыўды бийкар етиўши Гаага конвенциясында (1961-жыл 5-октябрьдеги) белгиленген. Бул тәртип Ѳзбекстанда да енгизилген. Оны әмелге асырыў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойылыўы тәртибин еле де жетилистириў ҳаққында»ғы 732-санлы Қарары қабылланды.
Пуқаралар апостиль қойдырыў ушын арзаны Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм/яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бериўи мүмкин.
Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша инспекция илим ҳәм билимлендириў тараўындағы шѳлкемлер тәрепинен берилген рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў ҳуқықына ийе.
Тѳмендеги ҳүжжетлерге апостиль талап етилмейди:
- Ѳзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары яки консуллық мәкемелери тәрепинен берилген рәсмий ҳүжжетлерге;
- Коммерциялық яки бажыхана операцияларына тиккелей байланыслы рәсмий ҳүжжетлерге;
- Ѳзбекстан Республикасының пуқаралық паспорты, шахсты тастыйықлаўшы гүўалық ҳәм әскерий билетлерге.
Апостиль қойыў процедурасы ҳаққында толығырақ мағлыўматты тѳмендеги силтеме арқалы алсаңыз болады: (https://lex.uz/docs/5757463).