Рюкзак.png

Билимлендириў грантлары дегенимиз не?

Билимлендириў грантлары бул мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери, сырт ел жоқары оқыў орынлары тәрепинен студентлерди оқытыў ушын жәрияланатуғын таңлаў. Таңлаў шеңберинде бул билимлендириў мәкемелеринде оқыў тѳлемлериниң бир бѳлеги яки толығы менен тѳлеп бериледи.

Ѳзбекстанда ең әҳмийетли билимлендириў гранты сыпатында ҳәр жылғы жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталарына берилетуғын мәмлекетлик грант есапланады. Бул грантлардың муғдары әмелдеги нызамшылыққа сай, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманлары менен белгиленеди.

Буннан тысқары, быйыл мәмлекетимизде биринши мәрте мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик 500 грант, сондай-ақ ҳаял-қызлар ушын қосымша 2000 грант ажыратылды.

Жылдың ең әҳмийетли жаңалығы бул кириў имтиханларынан ең жоқары балл топлаған ең талантлы 200 студент ушын Президент грантының енгизилиўи болды.

Сондай-ақ, «Эл-Юрт Умиди» фонды Ѳзбекстандағы жаслар ушын абырайлы сырт ел университетлеринде оқыў ҳәм тәжирийбе алмасыўы ушын арнаўлы грантларды жәриялады.

«Эл-Юрт Умиди» фондының 2021-2022-оқыў жылындағы грантлар саны тѳмендегише:

● 100 — бакалавриатта оқыў ушын;

● 150 — магистратурада оқыў ушын ;

● 100 — докторлық бағдарламада оқыў ушын.

Фондтың грантлары тѳмендеги бағдарламалар бойынша бѳлистирилген:

● 2 ай мүддетке шекем сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде қәнигелигин асырыў;

● 6 ай мүддетке шекем сырт ел илимий, билимлендириў, дѳретиўшилик мәкемелеринде, мәмлекетлик органларында, кәрхана ҳәм шѳлкемлеринде стажировакада болыў;

● 1-2 жыл мүддетке сырт еллердиң жетекши университетлеринде ҳәм илимий мәкемелеринде магистратура базасында оқыў;

● 1-4 жыл мүддетке докторантурада оқыў.

Фондтың грантлары таңлап алынған кандидатлардың тѳмендеги қәрежетлерин тѳлеў ушын ажыратылады:

● Сырт ел билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде оқыўы ушын стипендия тѳлемлери;

● Стипендиатлардың виза алыўдағы тѳлемлери (Ѳзбекстандағы сырт ел елшиханаларының талабы тийкарында медициналық кѳриктен ѳтиў тѳлемлерин қосқан ҳалда);

● Стипендиатлардың оқыў орнына шекем барыўдағы барлық түрдеги транспорт қәрежетлери (барыў ҳәм қайтыў жѳнелислерине, жылына бир мәртеге шекем);

● Стипендиатлардың сырт еллерде оқыўы даўамындағы жасаў, аўқатланыў ҳәм транспорт қәрежетлери;

● Зәрүрли оқыў ҳәм илимий әдебиятларды сатып алыў ушын, соннан сабақлықлар, илимий мақалаларды жәриялаў, илимий әдебиятлар ҳәм мақалалардың электрон мағлыўматлар базасына жазылыў қәрежетлерин қосқан ҳалда (оқыў бағдарламасы басланғанда бир мәртелик тѳлем);

● Стипендиатлардың сырт еллерде оқыўы даўамындағы медициналық қамсызландырыў қәрежетлери.

Грант таңлаўларын излеп табыў ҳәм оларда қатнасыў ушын кѳп мийнет талап етиледи, егер буған дурыс жантасыў менен ҳәрекет етсең, мийнетлериң босқа кетпейди.

Aldıng’ı Keyingi