Учебник.png

Егер сабақларыңнан тѳмен оқысаң не болады?

Классласларың арасында сабақларды турақлы түрде қалдырып жүрген яки сабақлардан үлгериўи тѳмен болғанларды тәкирар оқыўы ушын кейинги жылға қалдырыў жағдайлары ушырасқан болыўы мүмкин. Бул мақалада оқыўшыларды кейинги жылға қалдырыў мүмкинлиги ҳаққында оқып танысасаң.

«Улыўма орта билим бериў шѳлкемлери оқыўшыларының мәмлекетлик питкериўши аттестациясы ҳаққында» ғы Нызамның (Әдиллик министрлигинен 2008-жылы 20-мартта 1778-сан менен дизимнен ѳткен) 36-бәнтине муўапық, питкериўши аттестациясының жуўмақлаўшы баҳалары тийкарында, орта билим стандартлары талапларын орынламағанлығы ушын қанаатландырарсыз болған «2» баҳасын алған питкериўшилер билимлендириў мәкемесинде қайта оқыў ушын қалдырылады.

Бул нени билдиреди?

Сабақларын кѳп қалдыратуғын оқыўшылар оқыў бағдарламасын ѳзлестире алмайды ҳәм де шерек ҳәм оқыў жылы жуўмағында қанаатландырарсыз болған «еки» баҳасын алады. Нәтийжеде, олар жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияға жиберилмейди. Бул ѳз гезегинде, мектептиң педагогикалық кеңесиниң шешими тийкарында оқыўшыны қайта оқыўы ушын класста қалдырыў жағдайына себеп болады.

Бундай шешим қабылланыўы нызамлы шара есапланады ма?

Әлбетте. Ѳзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамында орта билим алыў мәжбүрий ҳәм мәмлекетлик билимлендириў стандартларын ѳзлестириў тийис екенлиги кѳрсетилген.

Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда, классласларыңнан артта қалмаўың ушын мектептеги сабақларды ѳзлестирип алыўға бар күш-ғайратыңды сарыплаўың керек.

Aldıng’ı Keyingi