Глобус.png

Жас ѳспиримлер ушын Келешектеги карьера: керекли қәниге болыў ушын қайсы тараўды таңлаў керек?

Келешектеги мийнет жолын ҳәр ким ҳәр қыйлы тәризде кѳз алдына келтиреди. Айырым адамлар келешек кәсиби бул информациялық ҳәм коммуникациялық технологиялар тараўы деп биледи, ал айырымлар экономика тараўын таңлаў зәрүр деп есаплайды.

“Егер барлық тараўлар автоматластырылатуғын болса, онда адамлар не жумыс ислейди? Ҳәзир таңлаған кәсибимиз бенен келешекте жумыссыз қалмаймыз ба?» деген тәбийий сораў туўылады.

Ѳзбекстанда қайсы тараўлар тез пәт пенен раўажланып баратыр ҳәм жақын келешекте қандай кадрлар керек болады?

Ѳндирис ҳәм хызмет кѳрсетиўдиң автоматластырылыўына байланыслы 20-30 жылдан соң айырым кәсип түрлерине пүткиллей талап қалмайды. Мысалы, ҳәзир ири саўда орайларында электрон тѳлеў системалары енгизилип атыр. Келешекте кассирлер болмайтуғынлығы тәбийий ҳал. Таксилер толық автоматластырылғаннан соң айдаўшыларға да болған талап қалмайды.

Экспертлердиң есап-китабына кѳре, 2035-жылға келип дүньядағы жумыслардың 70%ға жақыны автоматластырылады. Жақын жылларда Ѳзбекстан халқының саны 40 миллион адамға жетиўин есапқа алсақ, мийнет базарында жумысшы күшке болған талап артады.

IT тараўы қәнигелерине де талаптың артыўы анық. Ѳзбекстанда информациялық технологиялар тараўы тез раўажланыў басқышында. Бир неше жыллардан соң бағдарламашыларға болған талап ҳәзиргиден де жоқарырақ болады.

Жақын жылларда Ѳзбекстанның мийнет базарында информациялық технологиялар тараўы қәнигелерине, сондай-ақ тез раўажланып барыўшы туризм индустриясы, хызмет кѳрсетиў тараўы ўәкиллерине, инженер-қурылысшыларға талап артады.

Ҳәрдайым да экономистлер, туризм бойынша менеджерлер, хызмет кѳрсетиў тараўындағы менеджерлер керек болады. Туризмниң раўажланыўы менен бул тараўдағы менеджерлерге де болған талап артып бармақта. Сондай-ақ, санлы экономиканың да маман қәнигелерге мүтәжлиги бар. Инфляция, баҳаларды қәлиплестириў, жойбарларды қаржыландырыў ҳәм тиккелей инвестициялар сыяқлы мәселелерди шешиўде де қәнигелер зәрүр болады.

Қызықлы факт: АҚШ мийнет министрлиги Business Insider мийнет базарында изертлеў ѳткерип, келешекте ең кѳп ис ҳақы тѳленетуғын 30 кәсип түрин жәриялады. Дыққатыңызға рейтингтиң жоқарғы 10 орыны ҳаққында мағлыўматты усынамыз:

  1. Компьютер ҳәм информациялық системалар менеджери .
  2. Физиклер ҳәм хирурглар.
  3. Медицина тараўы менеджерлери.
  4. Барлық категориядағы менеджерлер.
  5. Маркетинг изертлеўлери аналитиклери ҳәм маркетинг қәнигелери.
  6. Басқарыў тараўындағы аналитиклер.
  7. Қаржы менеджерлери.
  8. Орта ҳәм жоқары буўын менеджерлери.
  9. Әмелий бағдарламалық тәмийинлеў жаратыўшылары.
  10. Маман медицина хызметкерлери ҳәм мийирбийкелер.
Aldıng’ı Keyingi