Жойтылған аттестатты қалай тиклеўге болады?
Мектепти питкергеннен соң барлығымыз билимимиз ҳаққында аттестат, диплом яки гүўалыққа ийе боламыз. Бул ҳүжжет бизлерге оқыўымызды кейинги басқышларда даўам етиў ҳуқықын береди. Мысалы, 9-класс питкериўшилери академиялық лицейлер яки кәсип-ѳнер техникалық билим журтларына, ал 11-класс питкериўшилери жоқары оқыў орынларына, техникум ҳәм колледжлерге оқыўға тапсырады.
Билимиңиз ҳаққындағы ҳүжжетти жоғалтып алыў жағдайлары да ушырасып турады. Бундай жағдайларда, кѳпшилик адамлар ҳүжжетти қайта тиклеў ушын қалай, қашан ҳәм кимге мүрәжат етиўди ҳәм бул процесс қанша ўақыт талап ететуғынлығын билмейди. Сол себепли сизлерге тѳмендеги мәсләҳәтлерди бермекшимиз.
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-май күнги 393-санлы Қарары менен тастыйықланған «Питкериўшилерге улыўма орта билим ҳаққында рәсмий мәмлекетлик ҳүжжетлерди бериў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, аттестат дубликаты, аттестатты жоғалтқан яки фамилиясын ѳзгерткен шахсларға яки оригинал ҳүжжеттиң жарамсыз жағдайға келгенинде бериледи.
Дубликатты алыў ушын аттестатын жоғалтқан адам улыўма билим бериў мәкемеси директорына жазба түрде арза береди. Арзаға қоса ҳүжжет жоғалғанлығы ҳаққында жоғалған аттестат яки гүўалықтың берилген жылы, сериясы, тәртип саны кѳрсетилген ҳалда дағаза жәрияланған газета нусқасы, шахсын тастыйықлаўшы паспорт нусқасы бериледи.
Мектеп директоры 5 күн мүддет ишинде улыўма билим бериў мәкемеси педагоглар кеңесиниң гезектен тыс мәжилисинде ҳүжжеттиң дубликатын бериў мәселесин кѳрип шығады.
Педагоглар кеңесиниң қарары 5 күн мүддет ишинде районлық (қалалық) халық билимлендириў бѳлимине ҳәм сол тийкарда аймақлық басқармаға жибериледи.
Дубликатлар Халық билимлендириў министрлигиниң аймақлық басқармалары тәрепинен бериледи.
Дубликатты бериў мүддети пуқара мүрәжат еткен күннен баслап бир ай мүддеттен аспаўы тийис.
Ҳәзирги күнде, жоғалған аттестатлар орнына дубликатларды бериў процедурасы әпиўайыластырылмақта. Жақын күнлерде, пуқаралар бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етип аттестат дубликатларын алыў мүмкиншилигине ийе болады.