Книги.png

Имтиханларға тек ғана бир ҳәпте ўақыт қалғанда таярланса бола ма?

Мектеп дәўиринде жас ѳспиримлер ҳәр қыйлы тест ҳәм имтиханларға таярлық мәселесине дус келеди. Буннан басқа, олар мектептеги питкериўши имтиханларда, жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында ҳәм олимпиадаларда қатнасады.

Бул имтиханларға қаншелли жақсы таярлық кѳриўиңе қарамастан, қәўетерлениў, тынышсызланыў ҳәм стресске түсиў бул тәбийий жағдай. Бундай жағдайларды жеңип ѳтиў ҳәм бир ҳәптеде имтиханларға аңсат таярланыў бойынша бир неше мәсләҳәтлерди беремиз!

  1. Ўақтыңды ойланып, дурыс бѳлистир. Имтиханларға таярлық ўақтында асығыслық етиў ҳәм күйгелеклениўдиң кереги жоқ, бирақ таярлық ушын ўақыт шекленгенлигин естен шығармаў керек.
  2. Режим сақла. Имтиханларға таярланаман деп уйқыдан бас тартпа. Саламат, толық уйқы адам организми ушын жүдә әҳмийетли. Уйқыға жатпастан алдын ең қыйын болған пәнлерге таярлан. Себеби, уйқы ўақтында мағлыўматлар ўақытша ядтан турақлы ядқа ѳтеди.
  3. Әҳмийетли нәрселерди белгилеп бар. Жазғанларыңды, китапларды ҳәм қосымша әдебиятларды тәртипли сақла. Оларды ѳзиң керек ўақытта аңсат таба алатуғын етип тәртиплестирип қой.
  4. Аўқатланыўыңа итибар қарат. Фастфуд, кондитер ѳнимлери ҳәм басқа да зыянлы аўқатлардан бас тарт. Мийўе ҳәм овощлар, жармалар, балық, мәйек ҳәм сүт ѳнимлерин кѳбирек қабылла. Бул имтиханларға таярлық ўақтында ѳзиңди жақсы сезиўиңе жәрдем береди.
  5. Соңғы минутқа шекем оқыма. Имтиханнан бир күн алдын түнде жүдә кеш пайытқа шекем таярланыў, жағдайды қыйынластырыўы мүмкин. Уйқысызлық ҳәм шаршаў нәтийжесинде мий мағлыўматлар ағымын қадағалай алмай қалыўы мүмкин. Таярлықты ертерек баслап, бир күн қалғанда толық уйқылап, сейил етип, ѳзиңе унаған аўқатларды жеп ҳәм жеңилирек әдебий китапларды оқып мийиңди дем алдырған мақул.
  6. Тәнепис қылып тур. Таярлық даўамында ўақты-ўақты тәнепис қылып тур. Тәнепис ўақтында мийди дем алдырыўға ҳәрекет етип, таза ҳаўада дем ал, сейил етип кел яки жеңил аўқатланып ал.
  7. Материалларды бѳлимлерге бѳлип оқы. Бул ушын саған маркер яки реңли қәлемлер керек болады. Мысалы, мағлыўматларды реңли қәлемлер менен белгилеп бар, яғный, сары рең – әҳмийетли қағыйдалар, кѳк – формулалар, жасыл – мәмлекет ҳәм усы тақылетте даўам еттир.
  8. Ѳзиңди тест шешип сынап кѳр. Нәтийжеде, ѳзиңниң қандай қәтелерге жол қойғаныңды билип аласаң ҳәм руўхый жақтан таяр боласаң.
  9. Жеңил сораўлардан басла. Ѳзиңниң интуицияңа қулақ сал, жуўапларыңның дурыс екенлигине гүман етпе. Қаншелли кѳп екиленсең, дурыс жуўапты таңлаў итималлығың да соншелли кем болады. Тартыслы сораўларға кѳп ўақтыңды сарыплама, оларды кейин шешиў ушын қалдырып кет.
  10. Имтиханға ертерек кел. Ертерек келсең, сенде имтихан басланғанға шекемги тәшўишли жағдайға бейимлесип алыўыңа ўақыт болады.

Имтиханларда табыслар тилеймиз!

Aldıng’ı Keyingi