Инклюзив билимлендириў дегенимиз не?
Соңғы жылларда ерисилген ең баслы жетискенликлердиң бири болып сѳзсиз тең ҳуқықлық идеясы есапланады. Бул идея билимлендириўде инклюзия түриндеги, яғный, бир класста нормал раўажланған балалар менен биргеликте раўажланыўында ѳзгешелик болған балаларды қосып оқытыў модели сыпатында әмелге асырылды. Егер сениң классыңда еситиў қәбилети тѳмен яки физикалық имканияты шекленген жас ѳспирим сизлер менен бирге оқыйтуғын болса, демек сениң классың инклюзив есапланады.
Не себеп жәмийет инклюзив билимлендириўди қоллап-қуўатламақта?
Инклюзив билимлендириў барлық балаларға мектеп жәмәәтиниң турмысында толық қатнасыў имканиятын береди. Ол балалардың имканиятын инабатқа алған ҳалда олардың барлығының уқыплықларын раўажландырыўға қаратылған.
Инклюзив билимлендириў деп, барлық балалар, соның ишинде имканияты шекленген балалар да бир мектепте, бир класста бирдей билим алыўына айтамыз.
Сѳзимиз жуўмағында, инклюзия бул таңлап алынған топарлардың жеңилликлери емес, ал бул ҳуқық екенлигин атап ѳтиўимиз зәрүр.