Кѳркем-ѳнер дегенимиз не?
Кѳркем ѳнер бул адамзат мәдениятының кѳп жѳнелислерге ийе бир бѳлеги. Адамлар жаратқан гѳззал нәрселердиң барлығы кѳркем-ѳнер деп аталады. Кѳркем ѳнер бул музыка, театр, әдебият, кино, аяқ ойынлары яки хореография, архитектура ҳәм сүўретлеў ѳнери.
Адамлар ҳәрдайым ең жақсы нәрселерди жаратыўға ҳәм урпақларына қалдырыўға умтылған. Әййемги дәўирлерден баслап, сүўрет полотноларында ѳмирдиң ең жақсы мәўритлери, гѳззал адамлар, шырайлы пейзажлар ҳәм тарийхый ўақыялар сәўлеленип келген.
Музыка автордың кейипин сеслер арқалы нәзик түрде жеткерип береди. Аяқ ойынында артист ѳзиниң ийилиўшеңлигин ҳәм ритмлерге үйлесимлилигин кѳрсетиўи мүмкин. Театр ҳәм кино бул адам ѳмириндеги әҳмийетли, күлкили ҳәм қайғылы ўақыяларды ,адамның ишки сезимлерин ҳәм эмоцияларын сәўлелендириўши кѳркем-ѳнер. Архитектура – тас ҳәм әйнеклерди дурыс бириктириў ѳнери.
Әдебий шығармалар бул адам ѳмириндеги ҳақыйқый яки ойлап табылған ўақыялардың сәўлелениўи. Поэзия – ишки сезимлерди қосық қатарлары менен сүўретлеў ѳнери.
Талантлы адамлардың тәрепинен дѳретилген барлық нәрсени кѳркем-ѳнер деп атаўымызға болады, мысалы, бул, мазалы ҳәм шырайлы торт, шырайлы кийим, темирден шырайлы нәрселер жасаў, ағаштан исленген қутыша, қолдан жасалған сулыў аяқ кийим, ѳзгеше тоқылған нағыслар, ҳәттеки шырайлы кѳринисте қырқылған газон ҳәм путалар болыўы да мүмкин. Кѳркем ѳнер деп инсан қолынан дѳреген барлық нәрселерге айтамыз.
Кѳпшилик ўақытта, адамлар кѳркем-ѳнер дѳретпесиниң ҳақыйқый қунын дәрҳал биле бермейди. Әпиўайы адамлар ушын ҳәрдайым да дѳретиўши-автордың пикирлериниң пәрўазы түсиникли бола бермейди. Ҳәр бир адам ѳзине сай кѳз-қарас ҳәм пикирге ийе. Тек ўақыттың ѳтиўи менен ғана ҳақыйқый дүрданалар ѳзине сай баҳаланады ҳәм қәдири артады. Бирақ ҳәр бир дүрдана бийбаҳа саналады. Ҳәр бир кѳркем-ѳнер дѳретпеси бул автордың ҳәм ѳзи жасаған яки жасап турған елдиң мақтанышы. Арамызда талантлы адамлар жүдә кѳп, бирақ ҳәмме де ҳақыйқый кѳркем-ѳнер дѳретпесин жарата бермейди.
Әтирапымызда әжайып нәрселер кѳп - булардың барлығын адам дѳреткен ҳәм олардың барлығын кѳркем-ѳнер деп атасақ болады. Бул әжайып нәрселерди кѳрип, талантлы адамлар дѳретпелерин баҳалап билиўимиз керек.